ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Рәсмий мағлыўмат

Бүгин Телеграм тармағындағы «НЕ ЖАҢАЛЫҚ?» ҳәм «Қарақалпақ24» каналларында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары студентиниң мүрәжаты жәрияланды. Мүрәжатта 2020-2021-оқыў жылы ушын төлемли контракт суммасын толық төлеп болған болса да, март айынан берли стипендия төленбей атырғаны ҳаққында атап өтилген.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты баспасөз хызмети мүрәжат бойынша жағдайды үйренип, төмендегилерди мәлим етеди.

Институтта улыўма стипендиялы түрде оқып атырған 626 студент болып, соннан 2021-жылдың 1-апрель жағдайы бойынша төлемли контракт суммасын толық төлеп болған 313 студентке стипендиялар толық төленген. Бирақ, март айынының соңғы күнлеринде төлемли контракт пулларын толық төлеп болған айырым студентлерге бюджет мәкемелериниң бухгалтериялық есабын жүргизиўши «UzASBO» бағдарламалық комплексинде пүткил Өзбекстан бойлап техникалық насазлықлар болғаны себепли стипендияларды өз ўақтында төлеўде машқалалар жүзеге келген.

Усы студентлерге апрель айында контракт суммасын толық төлеген басқа студентлер менен бирге стипендия төленбеген айлар ушын стипендиялары 2021-жылдың май айының дәслепки он күнлигинде толық төленетуғынлығын мәлим етемиз.

 

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты баспасөз хызмети.