БИЛИМЛЕНДИРИЎ ҲАҚҚЫНДА ЖАҢАДАН ҚАБЫЛЛАНҒАН НЫЗАМ – III РЕНЕССАНСТЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ КЕПИЛИ

2020-жылдың 23-сентябринде Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев тәрепинен жаңа «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамға қол қойылды ҳәм ол усы күннен баслап ҳәрекетке енгизилди. Нызам қабылланаман дегенше Нызамшылық палатасы тәрепинен көрип шығылған ҳәм 2020-жылдың 19-май күни қабылланған. Ал, Сенаттың 2020-жыл 7-августындағы мәжлисинде мақулланған.

Бул Нызамның қабылланыўына байланыслы 1997-жылы 29-августта қабылланған «Кадрлар таярлаўдың миллий бағдарламасы ҳаққында»ғы, «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамлары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң 1997-жыл 29-августтағы «Өзбекстан Республикасының «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамын күшке енгизиў тәртиби ҳаққында»ғы Қарары, және де алдыңғы «Билимлендириў ҳаққында» Нызамға байланыслы қабылланған төрт Нызамның алты статьясы өз күшин жоғалтқан деп есапланылды.

Усы Нызам тийкарында Қарақалпақстан Республикасы да өзиниң «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызам жойбарын талқылаўға усынып отыр. Бул жаңадан қабылланыў алдында турған Нызам жойбары Өзбекстан Республикасының «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамы тийкарында исленгенликтен, ол да 11 бап 75 статьядан ибарат (алдыңгысы 5 бөлим ҳәм 34 статья еди).

Жаңадан қабылланған «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызам ҳақыйқый       III Ренессанстың ҳуқықый кепили деп айтсақ ҳешқандай асыра айтқан болмаймыз. Себеби, бизиң бул пикиримизге төменде келтирилетуғын гейпара мысаллар, жаңа Нызамның мазмуны дәлил бола алады. Атап айтқанда, жаңа Нызамның өзинен алдыңғы Нызамға салыстырғанда артықмашлығы соннан ибарат, бунда айрым статьялар жетилистирилген, толықтырылған, гейпара статьялар қайта редакторланған, жаңадан 41 статья қосылған.

Жаңа Нызамның биринши бөлиминиң өзи 5 статьяны өз ишине қамтыйды (алдыңғысы 6 статья еди). Усы бөлимде тийкарынан билимлендириў ҳаққындағы Нызамның мақсети, Билимлендириў ҳаққындағы Нызам ҳүжжетлериниң нелерден ибарат екенлиги, Нызамда берилген 11 түрли тийкарғы түсиниклер, Мәмлекетлик аккредитация менен билимлендириў мәкемелерин аттестациялаў ислери, Мәмлекетлик билимлендириў мәкемелери менен мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелериниң айырмашылықлары, Мәмлекетлик билимлендириў стандартлары менен мәмлекетлик билимлендириў талапларының ҳәм уқыплылық пенен қәнигеликтиң арасындағы өзгешеликлер, Тәлим, тәрбия ҳәм олардың қатнасыўшылары, Билимлендириў кампусының қандай орталықлардың қатарынан орын алатуғынлығы, тийкарғы 16 түрли принциплер (алдыңғысы 9) ҳәм билим алыў ҳуқуқының кимлерге берилетуғынлығы ҳаққындағы мәселелер өз сәўлелениўлерин тапқан.

 Нызамның «Билимлендириў системасы, түрлери ҳәм формалары» деген бөлими 17 статьядан (алдыңғысы 11) ибарат. Бул бөлимде тийкарынан билимлендириўдиң 17 түри орын алған. Нызамда мектепке шекемги тәрбия, улыўма орта ҳәм орта арнаўлы, кәсиплик, жоқары билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириўдиң бир-биринен айырмашылықлары, кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў мәселелери өз шешимин тапқан. Және де, мектептен тысқары билимлендириўдиң қалайынша әмелге асырылатуғынлығы, аралықтан оқытыў менен дуал билим бериўдиң бир-биринен айырмашылықлары, шаңарақта билим алыў ҳәм өзбетинше билим алыўдың өзгешеликлери, үлкен жастағыларды оқытыў ҳәм оларға билим бериў ислери, инклюзив билимлендириў менен экстернат тәртибиндеги билимлендириўдиң бир-биринен парқы, қорғаныў, қәўипсизлик ҳәм ҳуқуқты қорғаў хызмети тараўындағы кадрларды таярлаў ислерин әмелге асырыў жоллары өз сәўлелениўлерин тапқан.

Нызамда «Билимлендириў системасын басқарыў» ислерине байланыслы мәселелерде өз шешимин тапқан. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң, оның жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаўшы мәмлекетлик инспекцияның, Президент, дөретиўши ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыўшы агентликтиң, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органларының билимлендириў тараўындағы ўәкилликлери қандай, буннан тысқары билимлендириў тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў органларының жумысларының нелерден ибарат екенлиги ҳәм билимлендириў шөлкемлерин басқарыў қалайынша әмелге асырылатуғынлығы ҳаққында кең түрде түсиниклер берилген.

 «Билимлендириў хызметлерин шөлкемлестириў ҳәм оның қадағалаўын әмелге асырыў» атлы бөлиминде билимлендириў шөлкемлериниң ҳуқуқый мақамлары, нызам бойынша Билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў, қайта шөлкемлестириў ҳәм жумысларын тоқтатыў ислери, мәмдекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң қандай хызметлерди әмелге асырыў мүмкиншиликлери, билимлендириў шөлкемлериниң уставы нелерге тийкарланып дүзилетуғынлығы ҳәи  мазмунында нелерди ислеўге  өз итибарларын қарататуғынлығы, билим бериў тили, мәмлекетлик билимлендириў стандартлары ҳәм талапларының кимлер тәрепинен қабылланатуғынлығы ҳәм қандай мәселелерди өз ишине қамтыйтуғынлығы, Нызам талаплары бойынша оқыў процесине оқыў режелери менен оқыў бағдарламаларының қандай тәртипте енгизилетуғынлығы, билимлендириў тараўындағы эксперименталь ҳәм инновациялық хызметлер арасында қандай парықлардың бар екенлиги ҳаққындағы мәселелер өз шешимин табады. Сондай-ақ, Нызамда билимлендириў шөлкемлериниң ашықлығы, билимлендириў шөлкемлерине оқыўға қабыллаў ҳәм мәмлекетлик оқыў орынларында оқыўға мақсетли қабыллаў ислериниң қалайынша әмелге асырылатуғынлығы, билим алғанлығы ҳаққында ҳүжжеттиң қандай тәртипте берилетуғынлығы, билимлендириў шөлкемлериниң рейтингиниң қалайынша анықланатуғынлығы, мониторинг ҳәм билимлендириў тараўындағы мәмлекетлик қадағалаў ислери қалайынша иске асырылатуғынлығы ҳаққындағы мәселелерде өз шешимин тапқан.

Нызамдағы «Билимлендириў шөлкемлериндеги оқытыўшылардың ҳуқықый статусы» атлы бабында педагогикалық хызмет пенен шуғылланыў ҳуқуқының кимлерге берилетуғынлығы, педагог хызметкерлердиң қандай статусларға ийелиги, олардың жумыслары қалайынша кепилленетуғынлығы ҳәм педагог хызметкерлердиң қандай миннетлемелерди өз мойнына алатуғынлығы ҳаққындағы мәселелерге айрықша итибар қаратылған.

Ал, «Билим алыўшылардың, олардың ата-анасының ҳәм басқа да нызамлы ўәкиллериниң ҳуқық ҳәм миннетлемелери» атлы бабында билим алыўшылардың ҳуқықлары менен миннетлемелери ҳаққындағы мәселелерге кеўил бөлинген. Сондай-ақ, билим алыўшылардың кийиниўине қандай талаплар қойылатуғынлығы, билимлендириў шөлкемлеринде билим алыўшыларды ўақтынша жасаў жайлары менен тәмийинлеў қалайынша әмелге асырылатуғынлығы ҳәм ер жетпеген билим алыўшылардың ата-аналары ҳәм басқа да нызамлы ўәкиллериниң ҳуқық ҳәм миннетлемелериниң нелерден ибарат екенлиги ҳаққындағы мәселелерде өз шешимин тапқан.

 «Тәлим-тәрбия процесиниң қатнасыўшыларын социаллық қорғаў» атлы бабында болса Нызам бойынша билим алыўшыларды ҳәм билимлендириў шөлкемлериниң хызметкерлерин социаллық қорғаў мәселелери қалайынша әмелге асырылатуғынлығы, әсиресе, жетим ҳәм ата-ана қарамағынан ажралған балаларды оқытыў ҳәм олардың толық тәмийинлениўи мәселесиниң қандай жол менен өз шешимин табатуғынлығы, физикалық, ақылый, сенсор (сезиў) ямаса руўхый жақтан кемшилиги бар балаларды оқытыў ҳәм тәрбиялаў ислериниң қалайынша әмелге асырылатуғынлығы және де социаллық жақтан тиклениўге зәрүрлиги болған балаларды оқытыў ҳәм тәрбиялаў ислериниң қалайынша жолға қойылатуғынлығы ҳаққындағы мәселелер өз шешимин тапқан.

Нызамда Мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери жумысларынада итибар қаратылан. Анығырағы оның хызметлерин лицензиялаў ислери Нызам талаплары бойынша қалайынша иске асырылатуғынлығы, Нызам бойынша билимлендириў шөлкемлерин аттестациядан ҳәм мәмлекетлик аккредитациядан өткериў, билимлендириў шөлкемлериниң хызметлерин ишки ҳәм сыртқы баҳалаўдан өткериў тәртиплерин белгилеў, шет мәмлекетлерде алынған билимлендириў ҳаққында ҳүжжетлердиң Нызам талаплары бойынша тән алыныў жоллары ҳәм билимлендириў тараўындағы рәсмий ҳүжжетлерге апостиль қойыў тәртиблериниң  қалайынша әмелге асырылатуғынлығы ҳаққындағы мәселелерге айрықша кеўил бөлинген.

Билимлендириў шөлкемлерин ғәрежет пенен тәмийинлеў ислери қалайынша иске асырылатуғынлығы, билимлендириўди раўажландырыў қорлары ҳәм билимлендириў тараўындағы мәмлекетлик-жеке шерикликлердиң бир-биринен қандай айырмашылықларының бар екенлиги, билимлендириў тараўларына инвестициялардың қалайынша енгизилетуғынлығы ҳәм билимлендириў шөлкемлериниң мал-мүлклери нелерден ибарат екенлиги ҳам ол қалайынша есапқа алынатуғынлығы ҳаққындағы мәселелер өз шешимин табады.

Ал, «Билимлендириў тараўындағы халық аралық бирге ислесиўлер» деген бабында билимлендириў шөлкемлериниң ҳәм билимлендириў тараўындағы халық аралық бирге ислесиўлердиң қалайыншы әмелге асырылатуғынлығы, шет еллерде кимлердиң оқый алатуғынлығы ҳаққындағы мәселелерде өз сәўлелениўин тапқан.

 «Жуўмақлаўшы қағыйдалар»да болса Нызам бойынша даўлардың қалайынша өз шешимин табатуғынлығы, Нызамға муўапық билимлендириў ҳаққындағы Нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик қалайынша белгиленетуғынлығы, жаңа Нызамға муўапық Өзбекстан Республикасында қайсы Нызам ҳүжжетлери 2020-жылдың 23-сентябринен баслап өз күшин жоғалтқан деп есапланатуғынлығы, усы Нызамның орынланыўы, жеткерип берилиўи, мәниси ҳәм әҳмийетиниң түсиндирилиўи менен тәмийинлеў ислери кимлер тәрепинен әмелге асырылатуғынлығы, басқа Нызам ҳүжжетлерин усы Нызамға муўапықластырыў ислери қайсы мәкеме тәрепинен әмелге асырылатуғынлығы ҳәм жаңа Нызамның қайсы ўақыттан баслап күшке киретуғынлығы ҳаққындағы мәселелер өз шешимин тапқан.

Деген менен, бизиң пикиримиз бойынша Өзбекстан Республикасы «Билимлендириў ҳаққында»ғы тастыйықланған Нызамның өзинде де, Қарақалпақстан Республикасы «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызам жойбарының өзинде де бир қатар итибар берилиўи керек болған орынлар ушырасады.

Мәселен, бириншиден, алдыңғы «Билимлендириў ҳаққында» Нызамның 2-статьясында көрсетилген «Қорақалпоғистон Республикасида таълим соҳасидаги муносабатлар Қорақалпоғистон Республикасининг қонун ҳужжатлари билан ҳам тартибга солинади» деген қатарлар жаңадан қабылланған Нызамда қалдырылған. Бул қатарлар Өзбекстан Республикасы «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызам жойбарында бар еди. Қарақалпақстан Республикасы халқы «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамды қабыллар ўақтында өзгеше жол тута ма яки Өзбекстан Республикасы «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамды сол турысында көширип, аўдарма жасап қоя ма, ол жағынан бийғарез ҳалда бурынғы қабылланған Нызамдағы Қарақалпақстанға тийисли болған қатарлар қала бериўи керек еди.

Екиншиден Өзбекстан Республикасының билимлендириў ҳаққындағы Нызам жойбарына пикир билдиргенимизде биз «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызам – бул түсиндирме сөзлик емес болғанлықтан, түсиндирме сөзликке тийисли болған қатарларды алып таслаўды усыныс етип едик. Ол ўақытта түсиндирилген сөзлердиң улыўма саны 63 еди. Пикиримизди азғана болсада инабатқа алған, түсиник берилген 52 сөз алып тасланған. Усыған қарамастан жаңадан қабылланған Өзбекстанның «Билимлендириў ҳаққында» Нызамында да, Қарақалпақстан Республикасының енди қабыллайжақ болып турған «Билимлендириў ҳаққында» Нызамының жойбарында да 12 түрли сөзге түсиник берилген.

Бир ғана мысал келтирейин, жаңадан қабылланған Нызамда ҳәм Қарақалпакстанда енди қабылланажақ Нызам жойбарында тәрбия сөзине төмендегише түсиник бериледи: «Тәрбия – анық мақсетли ҳәм социаллық-тарийхый тәжирийбе тийкарында жас әўладты ҳәр тәреплеме кәмалға келтириўге, олардың санасын, мәнаўий-тәрбиялық қәдириятлар ҳәм дүньяқарасын қәлиплестириўге қаратылған системалы процесс». Енди қарап турсаңыз «тәрбия» сөзи Нызам менен тастыйықланып тур. Оны өзгертиў, басқаша түсиндириўде мүмкин емес. Ол енди қатып қалды. Бул арқалы тәрбия тараўы менен шуғылланыўшылар, педагогика пәни оқытыўшыларының гейпара ҳуқықлары шекленип баслайды. Енди биз:

Тәрбия – адамзат жәмийетиниң ажыралмас бөлеги, мәдений дәрежесиниң айнасы ҳәм раўажланыўының тийкары. Ол жәмийет раўажланыўының тийкарғы буўыны сыпатында, жәмийетлик тәжирийбе, руўхый-адамгершилик ҳәм миллий дәстүр, үрп-әдетлердиң бирлигин, олардың  әўладтан-әўладқа өтиўин ҳәм жәмийет раўажланыўын тәмийинлеўши тийкарғы күш.

Тәрбия – нәсил, орталық, дөретиўши хызмет ҳәм адамгершиликли қарым-қатнас факторлары системасында адамның шахс болып қәлиплесиўиниң  тийкарғы факторы.

Тәрбия – ҳәр бир шахста белгили бир физикалық, руўхый, әдеп-икрамлылық сыпатларды қәлиплестириўге қаратылған әмелий педагогикалық процесс; инсанның жәмийетте жасаўын тәмийинлеў ушын зәрүр болған ақылый-физикалық, көркем-эстетикалық ҳәм әдеп-икрамлылық-руўхый өзгешеликлерин қәлиплестириўге бағдарланған илажлар комплекси” (2) деп айтыў ҳуқықынан айрылдық.

Бул жерде тәрбия ҳаққында өткендеги уллы ойшыллардың, белгили илимпазлардың тәрбия ҳаққындағы айтқан пикирлерин инабатқа алмаўдың ийиси сезилип тур. Сонлықтан, мениң жеке өзимниң пикирим бойынша Нызам ҳүжжетине сөздиң санын көбейтиў ушын түсиндирме сөзликти бериў ислери мақсетке муўапық еместей түйиледи.

Жуўмақлап айтқанда, жаңадан Өзбекстанда қабылланған, Қарақалпақстанда енди қабылланыў алдында турған «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызам ҳүжжети өз ўақтында ислеп шығылған, дүнья цивилизациясындағы алдыңғы ой-пикирлер жәмленген, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы территориясындағы билимлендириў жумысларын ең жоқары шоққыға шығарыўды өз алдына мақсет еткен, ҳақыйқый III ренессанстың ҳуқықый кепили, деп исенимли түрде айта аламыз. Жоқарыда атап өтилген пикирлеримиз инабатқа алынса “Билимлендириў ҳаққында”ғы Нызамның да, Нызам жойбарының мазмуны да бурынғыға қарағанда әдеўир дәрежеде байыйды, көриниси жағынан да жақсыланады.

 

Арзы ПАЗЫЛОВ,

Әжинияз атындағы НМПИ доценти.