Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылғанына 92 жыл толыў  мүнәсибети менен республикамыздың барлық орынларында әдебий кешелер, ушырасыўлар өткерилмекте.

Усы жыл 5-май күни жазыўшы-шайырлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери «Шорша» қәбиристанына барып,  шайыр Ибрайым Юсуповтың қойымшылығын зыярат етти ҳәм  шайыр ҳүрметине Қуран аятын оқып, қойымшылығына гүллер қойды.

Илаж қатнасыўшылары И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде болып, шайырдың естелигине гүллер қойды ҳәм мектептиң талантлы оқыўшылары шайыр дөретпелеринен үзиндилер атқарды.

Буннан соң, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Ташкент химия-технология институты ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты менен биргеликте «Тил, мәденият ҳәм дөретиўшилик: заманагөй билимлендириўде  жаслар тәрбиясы мәселелери» атамасында республикалық илимий-әмелий конференция өткерилди.

Онда университет ректоры А.Реймов, Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров, Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Н.Аңсатбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги, шайыр поэзиясының қарақалпақ әдебиятында тутқан орны ҳаққында кең түрде атап өтти.

Конференцияда «Жасларды Ибрайым Юсуповтың қаҳарманлық өмир жолын үлги етип, руўхый жақтан тәрбиялаў», «И.Юсупов лирикасының көркемлиги» ҳәм «Ибрайым Юсупов сөз шебери» атамасындағы баянатлар тыңланды.

– Ибрайым Юсупов қарақалпақ халқының ғана емес, ол пүткил түркий халықлардың уллы шайыры. Ол батыс ҳәм шығыс классикалық әдебияттының көркем үлгилерин қарақалпақ әдебиятына алып келди. Атап айтқанда, батыс әдебиятына тән болған  сонет, октава, эпитапия ҳәм эпиграмма сыяқлы қосық үлгилерин, шығыс әдебиятында ғәззел, мухаммес ҳәм басқа да қосық үлгилерин киргизди. Бундағы мақсет сол арқалы китап оқыўшыларының дүньяға болған көзқарасын кеңейтиўден ибарат, – дейди филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Оразымбетов. Шайырдың екинши өмири даўам етпекте ҳәм ол халқымыз арасында мәңги жасайды.

Илаж қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлери атқарыўындағы шайыр дөретиўшилигинен дүзилген «Поэзия жулдызы» атамасындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.