ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Қарақалпақ халқының даңқлы перзенти Аллаяр Досназаровтың естелигине ҳүрмет көрсетилди (фоторепортаж)

Бүгин, 8-май күни пайтахтымыз Нөкис қаласында қарақалпақ халқының даңқлы перзенти, мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Аллаяр Қораз улы Досназаровтың 125 жыллығына арналған «Аллаяр Досназаров ҳәм Қарақалпақстанның жаңа тарийхы» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция болып өтпекте.

 

Илаж шеңберинде дәслеп пайтахтымыздағы Аллаяр Досназаровтың бюстине гүлшеңберлер қойылып, оған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм шөлкемлердиң басшылары, республикамызға белгили илимпазлар, жазыўшы ҳәм шайырлар, билимлендириў мәкемелериниң ўәкиллери, миллий мәдений орайлардың басшылары, Аллаяр Досназаровтың урпақлары, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

 

Илажда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры Б.Отемуратов басшылығындағы институт ўәкиллери Аллаяр Досназаровтың естелигине ҳүрмет көрсетип, бюстине гүл қойды.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.

Автордың түсирген фотолары.