ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Пәраӯан турмысымыз тийкаршыларына Ҳүрмет

Шет тиллери факультети тәрепинен Нѳкис қаласы «Қоңырат» кѳшесинде жасаӯшы урыс қатнасыȳшысы Нарманов Қәдирбай шаңарағында болып, байрам саўғаларын тапсырды. Ветеранды 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 76 жыллығы менен қызғын қутлықлады. Ҳәзирши ȳақытта Президентимиз тәрепинен Ўатанның абырай-мәртебесин көтериўге, жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларды қәдирлеў, урыс қатнасыўшыларын ҳәм майыпларды материаллық хошаметлеў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.