ӘДИЎЛИ УСТАЗДЫ ЕСЛЕП
Устаз – уллы тулға. Ол шәкиртлерине илим ҳәм билим сырларын үйретиўден жалықпайды. Устаз ҳәр дайым өз шәкиртлери ушын ибрат мектеби болып есапланады ҳәм оның мийнетлери жоқары дәрежеде қәдирленеди.
Бекниязова Нигархан Исаковна – педагогика илимлериниң кандидаты, доцент, 1972-жылы Кегейли районында туўылған. 1989-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине оқыўға кирип, 1994-жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын табыслы тамамлады.
Өзиниң мийнет жолын Нөкис қаласындағы 15-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқытыўшы болып ислеўден баслады.
1994-жылда Ж.Орынбаев атындағы өзбекстан Педагогика илимлери илимий-изертлеў институты Нөкис филиалының илимий хызметкери сыпатында илим әлемине қәдем таслады. 1994-1996-жылларда Қары-Ниязый атындағы өзбекстан Педагогика илимлери илимий-изертлеў институты аспирантурасының күндизги бөлиминде тәлим алып, 1998-жылы «Таълим қорақалпоқ тилида олиб бориладиган мактабларнинг бошланғич синф ўқувчиларининг сўз бойлигини ошириш (предмет белгисини билдирган сўзлар мисолида)» темасында кандидатлық диссертациясын табыслы қорғап шықты.
2004-жылдан баслап әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты үлкен оқытыўшысы ҳәм кафедра баслығы лаўазымларында ис алып барды.
Бекниязова Нигархан Исаковна көплеген окыў ҳәм методикалық қолланбалардың авторы саналады. Оның мақалалары Республикамыз ҳәм шет ел журналларда баспада жәрияланды. Ал «Бошланғич синфлар она тили дарсларида ўқувчиларни матн яратишга ўргатиш методикаси (таълим қорақалпоқ ва ўзбек тилларида олиб бориладиган мактаблар мисолида)» атлы монографиясы бүгинги күнде де баслаўыш тәлим қәнигелери ушын баҳалы илимий мийнет сыпатында әмелде кең қолланылып келинбекте.
Бекниязова Нигархан Исаковна илимий изертлеў жумыслары ҳәм педагогикалық искерлиги менен кәсиплеслери ҳәм шәкиртлери арасында үлкен абыройға ийе болды. Әдиўли устаздан тәлим-тәрбия алған шәкиртлери илимий изертлеў жумысларын алып барып устазының жолын даўам етип келмекте.
Ҳақ кеўилли, жоқары адамгершиликли инсан, әдиўли ҳәм пидайы устаз Бекниязова Нигархан Исаковнаның жарқын естелиги, келбети дослары ҳәм шәкиртлериниң ядында мәңги сақланады.
Баслаўыш тәлим кафедрасы
баслығы, доцент З.К.Курбаниязова
ҳәм шәкиртлери С.Тажбенова,
А.Нажимова, З.Турымбетова.