ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Нөкистеги мәкан пуқаралар жыйынларындағы жәмлеспеген жасларға тарийхый Хийўа қаласына бийпул саяхат етиў жолламасы берилди

Алдын хабар бергенимиздей, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Нөкис қаласындағы барлық мәкан пуқаралар жыйынларындағы жәмлеспеген жаслар ушын үш турдан ибарат интеллектуал турнир шөлкемлестирилди.

 

Бүгин, 23-май күни усы турнирдиң жуўмақлаўшы туры болып өтти.

 

Ҳәзирги ўақытта елимизде жәмлеспеген жаслар менен ислесиў, оларды кәсип-өнер ҳәм билим алыўға бағдарлаў ҳүкиметлик дәрежеде итибарға алынған болып, институт Нөкис қаласындағы оннан аслам мәкан пуқаралар жыйынлары менен бул бағдарда тығыз бирге ислесип келмекте.

Интеллектуал турнирдиң жуўмақлаўшы туры алдынан институттың жаслар менен ислесиў ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров сөзге шығып, әмелге асырылып атырған жумыслардың әҳмийети және нәтийжелилигине айрықша тоқталып өтти және барлық жасларға әўмет тиледи.

 

Өткерилген турға Нөкис қаласындағы оннан аслам мәкан пуқаралар жыйынларынан командалар қатнасып, өз билим ҳәм көнликпелерин, логикалық ойлаў дәрежесин сынақтан өткерди.

 

Соңғы турда қыйыншылық дәрежеси орташа болған 15 сораў ойналып, үш тур нәтийжеси бойынша жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери анықланды.

 

Солай етип, 1-орынды «Көк өзек» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасайтуғын жәмлеспеген жаслардан ибарат болған «Медалион» командасы ийеледи. Сондай-ақ, 2-орын «Қумбыз аўыл» ҳәм «Жийдели Байсын», 3-орын болса «Нәўпир», «Гөне қала» ҳәм «Ҳаўа жоллары» мәкан пуқаралар жыйынларының жасларынан қуралған командаларға несип етти. Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине институт ректорының ҳүрмет жарлықлары ҳәм тарийхый Хийўа қаласына бийпул саяхат етиў жолламасы берилди.

 

Илаж институттың талантлы студентлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Соның менен бирге, турнирге белсене қатнасқан басқа командаларға және турнирди шөлкемлестириў жумысларын алып барған институттың тарийх факультети деканаты, кафедралары ҳәм профессор-оқытыўшыларына ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Институтта пайтахтымыздағы мәкан пуқаралар жыйынларында жасайтуғын жәмлеспеген жаслар ушын мини футбол, волейбол, китапқумарлық бойынша жарыслар өткериў, қәбилетли жасларды хошаметлеў сыяқлы үлгили жумыслар даўам етпекте.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.

Автордың түсирген фотолары.