Институтта мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи ҳәм мәмлекетлик тилде ис жүргизиў жағдайлары үйренилди

Бүгин, 25-май күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң усы жылдың 14-апрельдеги №181 буйрығы тийкарында шөлкемлестирилген министрдиң мәсләҳәтшиси, педагогика илимлериниң докторы Одинахон Жамолдинова басшылығындағы жумысшы топар ағзалары тәрепинен мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи ҳәм мәмлекетлик тилде ис жүргизиў жағдайлары үйренилди.

 

Үйрениў жумыслары даўамында жумыс топар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Елимизде өзбек тилин буннан былай да раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм «2020-2030-жылларда мәмлекетлик тилди раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманлары, Министрлер Кабинетиниң «Латын жазыўына тийкарланған өзбек әлипбесине басқышпа-басқыш толық өтиўди тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар анализленди.

 

Сондай-ақ, жумысшы топар басшысы Одинахон Жамолдинова институттың өзбек тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары студентлери менен сәўбетлесип, мәмлекетлик тилде жумыс алып барыўда ушырасып атырған машқалалар, сабақлықлардағы айырым кемшиликлер және оларды дүзетиў жоллары ҳаққында пикир алмасты.

 

НМПИ баспасөз хызмети.