ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«НМПИ» волейбол командасы Нөкисте өткерилип атырған Өзбекстан чемпионатында жеңислерди қолға киргизбекте

Усы жылдың 25-май күни Нөкис қаласында спорттың волейбол түри бойынша ҳаял-қызлар арасында Өзбекстан чемпионатына старт берилди.

 

Белгили тренер, спорт устасы Азат Казаков басшылығындағы Қарақалпақстан Республикасы атынан қатнасып атырған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты сайланды командасы чемпионатқа күшли таярлық көргенин көрсетпекте. Чемпионаттың дәслепки күни жерлеслеримиз Жиззақ ўәлаяты командасына ҳеш қандай имканият қалдырмастан, 3:0 есабында жеңип шыққан болса, бүгин, 26-май күни болып өткен ойында да волейболшы қызлар өз сөзин айтты.

Хорезм ўәлаяты сайланды командасы менен өткерилген ойында қарақалпақстанлы спортшы қызлар 25:14, 25:14 ҳәм 25:20 есабында қарсыласларынан үстин келип, жеңип шықты.

 

Алдымызда бизди бир-биринен әжайып ойынлар күтпекте. Атап айтқанда, ертең, 27-май күни жерлеслеримиз әзелий қарсыласы болған Ташкент ўәлаятының «СКУФ» командасы менен ойнайды. Ойынды тамашалап, қарақалпақстанлы спортшыларды қоллап-қуўатлаўды нийет еткен барлық жерлеслеримизди Қарақалпақ мәмлекетлик университети спорт сарайында саат 12:00 де басланатуғын ойынға мирәт етемиз.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.

Автордың түсирген фотолары.