ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Қарақалпақстанда жаслар фестивалы: Бозатаўда «Жаслар ҳаўазы» фестивалы шеңберинде илажлар болып өтпекте

Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген «Жаслар ҳаўазы» фестивалының республикалық басқышы Қарақалпақстан Республикасында болып өтиўи мәлим етилген еди. Бүгин ерте таңда Нөкис темир жол вокзалында және Нөкис халықаралық аэропортында «Bozataw Fest»тиң жуўмақлаўшы басқышы қатнасыўшылары, өз аймақларында теңсиз деп табылған жас талант ийелери және мийманлар салтанатлы түрде күтип алынды.

 

7-10-июнь күнлери болып өтетуғын жаслар фестивалында бир-биринен қызықлы, есте қаларлық ҳәм тәкирарланбас бағдарламалар ислеп шығылған. Атап айтқанда, бүгинги күн тәртибинде Бозатаў районындағы Жаслар орайында белгили ҳәм жас дөретиўшилер менен ушырасыў, поэзиялық топлам презентациясы, миллий өнерментшилик көргизбеси ҳәм Бердақ атындағы Жаслар бағында қарақалпақ тағамлары фестивалы болып өтпекте.

 

Сондай-ақ, қатнасыўшылар Бозатаў районындағы мәҳәлле жаслары арасында спорттың футбол, гүрес, баскетбол, волейбол түрлери бойынша өткерилетуғын жарысларды тамашалайды.

 

Бозатаў амфитеатрында кешки ўақытта үлкен байрам – «Bozataw Fest»тиң салтанатлы ашылыўы болып өтеди.

 

Солай етип, жақын күнлерде фестивальдың дәслепки жеңимпазлары анықланады.

 

Төменде сиз Бозатаў районында фестиваль шеңберинде өткерилип атырған илажларды тамашалаўыңыз мүмкин.

 

Фотолар Жаслар ислери агентлиги ҚР басқармасынан алынды.