ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«ДҮНЬЯ ЖҮЗИЛИК ҚОРШАҒАН ОРТАЛЫҚТЫ ҚОРҒАЎ» КҮНИНЕ БАҒЫШЛАНАДЫ

1972-жыл июнь айында Стокгольм қаласында өткерилген Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң конференциясында 5-июнь – «Дүнья жүзилик қоршаған орталықты қорғаў» күни деп белгиленди. Бул сәне 49 жылдан берли Жер шары халықлары тәрепинен ҳәр жылы көтериңки руўхта белгиленип келинбекте.

Аймағымызда пайда болған экологиялық жағдайларға байланыслы ана тәбиятымыздың байлықларын қорғаў, олардан ақылға муўапық пайдаланыў мәселелерине үлкен итибар берилмекте.

Ҳәммемизге белгили дүньяда ҳәр қыйлы машқалалар бар, соның ишинде, дүнья жүзилик машқалалардың бири Арал теңизиниң қурыў машқаласы есапланады. Арал теңизиниң қурып қалыўы региондағы климат шараятын қыйынластырды, жаздың ҳәдден тыс ысып кетиўи күшейди. Бүгинги күнде Арал теңизиниң орнында 5,5 миллион гектарлық саҳра пайда болды. Теңиздиң қурғаған ултанынан ҳәр жылы атмосфераға 100 миллион тоннадан аслам шаң ҳәм дуз көтерилип, Европа қалаларына, Ирландия музлықларына, ҳǝттеки Антарктидаға дейин жетип бармақта. Солай екен, ǝлбетте, Арал апатшылығы бир мǝмлекет тǝрепинен шешилиўи қыйын болған оғада аўыр машқала болып табылады.

Арал теңизи толып тасып турған ўақытларда республикамыздың экономикасын раўажландырыў ҳәм азық-аўқат ислеп шығарыўда әҳмийетли орын ийелейтуғын еди. Биз Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья бойлары өнимдарлы жерлери, шарўашылық, қусшылық, балықшылық ҳәм аўыл хожалығы тараўлары бойынша мақтанатуғын едик. Бүгинги күнде болса бул жерлерде дуз аралас қумлы шөлистан пайда болды, ҳәр жылы қумлы-дузлы боранлар ҳәўиж алып, ҳаўа атмосферасына көтерилип патасламақта.

Ҳәзирги күнде Аралбойы аймағында социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў, регионның экологиясына байланыслы, соның ишинде суў тамтарыслығы машқалаларына шешим табыў, Арал апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў бойынша  Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында бир қанша илажлар әмелге асырылып атыр. Тек Өзбекстанның емес, пүткил дүньяның машқаласын өзи ушын әҳмийетли деп есаплайтуғын ҳүрметли президентимиз дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қайта қайта усы мәселеге қаратып киятырғанлығы жүдә әҳмийетли есапланады. 

Ш.M.Мирзиёев Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 72-сессиясында (19-сентябрь, 2017-жыл) тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, регионның суў ресурсларынан дурыс пайдаланыў, Арл апатшылығынан жәбир шеккен халыққа әмелий жәрдем көрсетиў бойынша билдирген пикирлери, теңиздиң картасын қолына алып, донор мәмлекетлер менен халық-аралық шөлкемлердиң итибарын қаратқаны – бул халқымыз тәрепинен ҳеш қашан умытылмайтуғын тарийхый ўақыялардан есапланады. Усы тийкарда 2018-жылы 27-ноябрь күни Нью-Йорк қаласында болып өткен мәжилисинде Өзбекстан делегациясы қатнасып, бул жерде көп-шериклик тийкарында Траст фонды дүзилди. Соның менен бирге  журтбасшымыздың 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстанға сапары даўамында 2019-2021-жылларда мың гектардан аслам жерге сексеўил егиў тапсырмасын берген еди ҳәм ҳәзирги күнде бул тапсырмалар орынланды.

Ҳүрметли президентимиз Шавкат Мирзиёев 2020-жыл 23-сентябрьде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясында шығып сөйлеген сөзи пүткил дүнья жәмийетшилигиниң итибарын және бир мәртебе өзине тартты ҳәм өз сөзинде глобал ҳаўы-райы өзгерислери ҳәм Аралбойы аймағындағы жағдайларға тоқталып өтти. Бул болса Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинде көтерилген машқалалардың қәншелли әҳмийетли, улыўмаинсаныйлық әҳмийетке ийе екенлиги менен тығыз байланыслы. Бул сессияда «Аралбойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы» деп жәриялаў ҳаққында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиў, усы әҳмийетли ҳүжжет тастыйықланған сәнени болса «Халықаралық экологиялық системаларды қорғаў ҳәм тиклеў» күни сыпатында белгилеў усынысын алға қойған еди.

Мине, быйыл 2021-жыл 18-май күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы 75-сессиясының улыўма мәжилисинде Шавкат Мирзиёевтиң усынысына бола Арал теңизи аймағын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар зонасы деп жәриялаў ҳаққындағы арнаўлы резолюция бир даўыстан қабыл етилди. Қарарды 60 қа шамалас мәмлекет мақуллады. Онда БМШ Бас Ассамблеясы Арал теңизи регионындағы экологиялық, социаллық, экономикалық ҳәм демографиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған регионаллық илажлар ҳәм басламаларды қоллап-қуўатлайтуғын билдирди.

Бул резолюцияның әҳмийетли тәрепи соннан ибарат, Арал регионында жасаўшы көп мың санлы халықтың саламатлығы ҳәм турмыс абаданлығы менен байланыслы болған ҳүжжеттиң барлық мәмлекетлер тәрепинен бир аўыздан мақулланғанлығы, Президентимиз тәрепинен алға қойылған басламаның тек ғана Өзбекстан емес, басқа мәмлекетлер ушын да қаншелли әҳмийетли екенлигинен дәрек береди.

Бул қабыл етилген Резолюция нәтийжесинде Аралбойы регионына экологиялық таза,  энергия ҳәм суўды тежеўши технологиялар ислеп шығарыў бойынша шет елден инвестициялар киритиледи, экотуризм раўажланады, экологиялық жағдайды жақсылаўға хызмет ететуғын перспективалы жойбарлар әмелге асырылады, жасыл экономикалық зона раўажланады, қосымша шараятлар жаратылады. Бул болса пүткил дүнья халқын Арал бойы регионына болған итибарын жәнеде күшейтеди.   

Республикамыздың эколог, биолог илимпазлары шет ел мәмлекетлериниң илимпазлары менен биргеликте Республика аймағында биологиялық көп түрлиликти сақлаў, шөлге қарсы гүресиў, көллер экосистемаларын сақлап қалыў, топырақтың деградацияға ушыраўының алдын алыў, тоғайзарларды көбейтиў, теңиз ултанына дузға, шөлге шыдамлы өсимликлерди егиў уқсаған бир қанша жумысларды әмелге асырып атыр.

Улыўма айтқанда, өзимизди, қоршап турған орталықты, ана тәбиятымызды қорғаў, оны асырап абайлаў, келешек әўладларымызға жеткерип бериў бәршемиздиң ўазыйпамыз есапланады. Ҳәм бул қабыл етилген резолюция Аралбойы ҳәм оған жақын аймақлардағы халықтың экологиялық жағдайларының жақсыланыўына, оның унамсыз тәсирлерин ҳәм басқа да бир қатар машқалаларын жумсартыўға хызмет етеди.

 

Фарида Отенова,

Тәбийғый пәнлер факультети доценти, институт ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси.