ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Үшинши ренессанс – жаслар нәзеринде» таңлаўы жеңимпазы болған НМПИ студенти сыйлықланды

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў ҳәм Инновациялық раўажланыў министрликлери және Ипотека банк тәрепинен барлық жоқары оқыў орынлары студент жаслары арасында «Үшинши ренессанс – жаслар нәзеринде» атамасындағы таңлаў өткерилгенлиги ҳәм таңлаўдың республикалық басқышында «Жасларды илим-пән ҳәм инновацияларға қызықтырыўдың дәстүрий емес усыллары» номинациясында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты физика-математика факультети 4-курс студенти Зинатдин Базарбаев сыйлы 3-орынды ийелегени ҳаққында алдын хабар берген едик.

11-июнь күни Ташкент қаласында таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти.

Таңлаўда 3-орынды ийелеген институт студенти З.Базарбаевқа планшет ҳәм сертификат, сондай-ақ, Жаслар академиясы ағзалығы сертификаты тапсырылды.

 

НМПИ баспасөз хызмети.