Институт ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси республикалық семинар-тренингде қатнаспақта

Бүгин Ферғана мәмлекетлик университетиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң шөлкемлестириўинде республикамыздың барлық жоқары оқыў орынлары ректорларының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшилери, академиялық лицейлердиң ҳаял-қызлар кеңеси баслықлары ушын «Гендер теңлигине ерисиў стратегиясын турмысқа енгизиўде ҳаял-қызлардың роли» атамасында семинар-тренинг болып өтпекте.

Семинарға Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.К.Норбоева, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Ҳ.Тошқулов, Олий Мажлис Сенаты комитет баслығы М.А.Қодирхонова, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары Ю.Қ.Абсоатов, Ферғана мәмлекетлик университети ректоры Б.Ш.Шермуҳаммедов, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў институты директорының орынбасары, проф. О.Мусурманова ҳәм т.б. тийисли министрлик және шөлкемлерден ўәкиллер қатнаспақта.

Илажға институтымыз ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Ф.Отенова да қатнаспақта.

 

Семинар-тренинг 14-15-июнь күнлери даўам етеди.