ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Академиялық лицейлерге ҳүжжет қабыллаў тәртиби қандай?

Усы жылдың 20-июнынан баслап академиялық лицейлерге 2021-2022-оқыў жылы ушын ҳүжжет тапсырыў басланды.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, оқыўшылар, олардың ата-аналары ямаса ата-анасының орнын басыўшы адамлар академиялық лицейлердеги Мәсләҳәт орайларына төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыўы керек: 

 

— Тәлим бағдары, оқыў тили, формасы көрсетилген арза (шет тилинен имтихан тапсырыўы белгиленген бағдарларда арзада қайсы шет тилинен имтихан тапсырыўы ҳәм имтихан өткериў қағыйдалары менен танысып шыққанлығы көрсетиледи);

— Шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет (туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық   ямаса паспорт/ID-карта) нусқасы;

— 3,5×4,5 см өлшемдеги 6 дана реңли фотосүўрет (ақ фонда).

 

Сондай-ақ, ҳүжжетлерди http://litsey.edu.uz порталы арқалы республикамыздағы академиялық лицейлерге оқыўшылар өзлери таңлаған бағдарлары бойынша онлайн тәризде тапсырыўы да мүмкин.

Жеңиликке ийе болған халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалар,  таңлаўлар,  жарыслардың жеңимпазлары диплом, сертификат, гүўалық ямаса басқа да тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди де тапсырады.

Ҳүжжетлерди қабыллаў 30-июньға шекем даўам етеди.