Жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери тастыйықланды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2021-2022-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

 

Қарарға муўапық, 2021-2022-оқыў жылы ушын мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери:

 

Бакалаврлар таярлаў бойынша:

– күндизги билимлендириў бағдарларына – 113 530 орын;

– сыртқы билимлендириў бағдарларына – 37 675 орын;

– кешки билимлендириў бағдарларына – 6 550 орын;

 

Магистрлар таярлаў бойынша – 12 900 орын;

 

Филиаллар ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлеринде мәмлекетлик грант тийкарында кадрлар таярлаў бойынша 500 орын етип тастыйықланды.

 

Сондай-ақ, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң усыныснамасына ийе болған ҳаял-қызлар ушын бакалавриаттың күндизги билимлендириў бағдарлары бойынша қосымша 2 000 мәмлекетлик гранты тийкарындағы қабыллаў параметрлери ажыратылады.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.