ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Абитуриентлерге дәслеп мәмлекетлик грант, соңынан төлемли контракт тийкарында таңлаўда қатнасыў бойынша қосымша имканият бериледи

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2021-2022-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы қарарына муўапық:

 

2021-2022-оқыў жылы қабыллаўында абитуриентлерге тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси және пәнлердиң избе-излиги бирдей болған бесеўге шекемги болған бакалавриат тәлим бағдары бойынша таңлаўда қатнасыў ҳуқықы бериледи.

 

Абитуриентлерге дизимнен өтиў процесинде сайланған бакалавриат тәлим бағдарлары үстинлигине қарай дәслеп мәмлекетлик грант, кейин ала төлемли контракт тийкарында таңлаўда қатнасыў бойынша қосымша имканият бериледи.

 

Буның ушын абитуриентлерге онлайн дизимнен өтиў ўақтында таңлаў ушын үстинликке ийе сыпатында «мәмлекетлик грант» ямаса «мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт»тан бирин сайлаў имканияты жаратылады.

 

Бунда абитуриент үстинликке ийе сыпатында:

 

— Мәмлекетлик грантты сайласа – дәслеп мәмлекетлик грант, соңынан төлемли контракт тийкарында;

— Мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контрактты сайласа – алдынғы жыллардағы сыяқлы мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарында сайлаған тәлим бағдарлары бойынша избе-из таңлаўда қатнасады.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.