ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Жоқары оқыў орынларына мақсетли қабыллаў параметрлери ҳәм тиллери кесиминдеги квота тастыйықланды

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссиясының 1-санлы протоколы тийкарында мақсетли қабыллаў параметрлери ҳәм мәмлекетлик буйыртпасы параметрлериниң тиллери кесиминдеги бөлистирилиўи тастыйықланды. Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайы хабар берди.

Тастыйықланған мақсетли қабыллаў параметрлери ҳәм мәмлекетлик буйыртпасы параметрлериниң тиллер кесиминдеги бөлистирилиўи Мәмлекетлик тест орайының my.dtm.uz сайтына жайластырылды.

Буннан былай абитуриентлер my.dtm.uz сайтының «Қабыллаў-2021» бөлими арқалы пәнлер комплекси бирдей болған бесеўге шекемги бакалавриат тәлим бағдарын сайлаўы мүмкин.

Абитуриентлерди онлайн дизимге алыў усы жылдың 22-июль күнине шекем (22-июль күни де) даўам етеди.

Усы мүддет даўамында абитуриентлер өз мағлыўматларын өзгертиўи ҳәм шет тилинен миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе болатуғын болса, сертификат мағлыўматларын системаға киргизиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков.