ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Студентлердиң оқыўын көшириў тәртиби ҳаққында мағлыўмат берилди

2021-жыл 15-июльдан студентлердиң оқыўын көшириўдиң төмендеги тәртиби енгизиледи.

Оқыўын сырт еллердеги (халықаралық 1 000 лық дизимге кирген) жоқары оқыў орынларынан Өзбекстандағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының сәйкес ҳәм түрлес бағдарларына көшириўде:

 

— айрықша қәбилет талап етилетуғын бағдарлар бойынша кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар, басқа бағдарлар бойынша тест өткериледи;

— тест ҳәм кәсиплик имтиханлар бойынша өтиў баллары усы жылдың 25-июлына шекем, кейин ала ҳәр жылы 15-июльға шекем белгиленеди және ҒХҚда жәрияланады;

— өтиў балынан төмен балл топлаған студентлер дифференциалластырылған төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етиледи;

— тест ҳәм кәсиплик имтиханлардың нәтийжелери Мәмлекетлик тест орайы ҳәм жоқары оқыў орынларының рәсмий веб-сайтларында жәрияланады;

— оқыўын сырт еллердеги жоқары оқыў орынларынан Өзбекстандағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының сәйкес ҳәм түрлес болмаған бағдарларына көшириўге рухсат берилмейди.

 

Ислам Матеков.