ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Магистратураға қабыллаў басланды

Усы жылдың 5-июль күнинен баслап республикалық жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине қабыллаў ушын ҳүжжетлерди онлайн дизимге алыў процеси басланды. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

2021-2022-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерди тапсырыў процеси Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий http://magistr.edu.uz веб-сайты арқалы әмелге асырылады.

Еслетип өтемиз, магистратураға қабыллаў имтиханлары еки басқышта, қәнигелик пәнинен жоқары оқыў орынлары тәрепинен белгиленген тәртип бойынша ҳәм шет тили пәнинен Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен тест өткериў арқалы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен тастыйықланған мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарында қабыллаў параметрлерине муўапық әмелге асырылады.

 

Ислам Матеков.