ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслар додаланды

Елликқала районында Өзбекстан Республикаси Олий Мажлиси Сенаты ағзасы Б.Мәтмуратов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры Б.Отемуратов қатнасыўында тийисли тараў ўәкиллери, район жаслары менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда НМПИ ректоры Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылдың 13-июль күни қабыл етилген «Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жәмийетлик белсендилигин буннан былай да арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы және оннан келип шығып әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында кең түрде тоқталып өтти.

Усы пәрманға муўапық, 2021-2022-оқыў жылында биринши оқыў жылы ушын «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында билим алып атырған перзентлерине Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төлемли контракт төлеминиң толық суммасы төлеп берилетуғыны, сондай-ақ, усы жылдың 1-сентябринен баслап республикамыздағы жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлер ушын Орайлық банктиң тийкарғы процентлик ставкасы муғдарында ҳәм оқыў мүддети жуўмақланғаннан кейин жетинши айдан баслап 7 жыллық мүддетте қайтарыў шәрти менен тәлим кредитлери ажыратылыўы белгиленгенлиги сөз етилди.

Ушырасыўда Б.Отемуратов Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2021-2022-оқыў жылы ушын қабыллаў процеси әмелге асырылып атырғаны, әсиресе, бунда Елликқала районы жаслары ушын мақсетли қабыллаў тийкарында 24 мәмлекетлик грант орны ажыратылғаны, қабыллаў тәртиби, институтта жаслар ушын жаратылған шараятлар ҳаққында толық мағлыўматлар берди.

Ушырасыў сораў-жуўаплар менен даўам етти.

 

НМПИ баспасөз хызмети.