ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Сырт еллердеги жоқары оқыў орынларынан оқыўды көшириў бойынша өтиў балы белгиленди

2021-2022-оқыў жылы ушын сырт еллердеги ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларынан Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги системасындағы жоқары оқыў орынларына оқыўды көшириў бойынша 2020-2021-оқыў жылы ушын тастыйықланған пәнлер комплексине муўапық 2 пәннен өткерилетуғын арнаўлы сынақлар (тест, кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан) нәтийжелерине бола өтиў балы топлаў мүмкин болған максимал баллдың 35 проценти (66,1 балл) етип белгиленди.

Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

Мағлыўмат сыпатында атап өтиў керек, 2021-2022-оқыў жылы ушын сырт еллердеги ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларынан оқыўды көшириў бойынша өткерилетуғын арнаўлы сынақлар нәтийжесине бола топлаў мүмкин болған максимал балл 189 баллды қурайды.

Еслетип өтемиз, 2021-2022-оқыў жылы ушын республикалық жоқары оқыў орынларына студентлердиң оқыўын көшириў бойынша арзалар төмендеги электрон системалар арқалы дизимге алынбақта.

Республикамыздағы бир жоқары оқыў орнынан басқа жоқары оқыў орнына ямаса бир жоқары оқыў орны шеңберинде – transfer.edu.uz;

Сырт еллердеги ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларынан – transfer.dtm.uz.

2021-2022-оқыў жылы ушын республикалық жоқары оқыў орынларына студентлердиң оқыўын көшириў бойынша арзалар 15-июльдан 5-август (сол күни де) күнлери аралығында қабыл етиледи.

 

Ислам Матеков.