ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Нөкис қаласында жоқары оқыў орынларына тест сынақлары өткерилетуғын орынлар ҳаққында мағлыўмат

Нөкис қаласында 2021-2022-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына кириў тест сынақларының өткерилетуғын орынлары жәрияланды.

 

Демек, тест сынақлары усы жылдың 5-август күнинен баслап Нөкис қаласындағы төмендеги орынларда болып өтеди:

 

1) «Туран» орайлық стадионы – Ҳүрлиман қыз бақсы көшеси, 37-жай.

2) Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби Теннис майданы 1-сектор – А.Досназаров көшеси, 136-жай.

3) Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби Теннис корты 2-сектор – Ҳүрлиман қыз бақсы көшеси.

 

Ислам Матеков.