ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Зоология, адам морфофизиологиясы ҳәм оны оқытыў методикасы

Кафедра баслығы:

Биология илимлери PhD, доцент

 Кудайбергенова Улбике Каллибековна

тел:

 

e-mail:

kudaybergenovaulbi@mail.ru

web-sayt:

 

 

«Зоология, адам морфофизиологиясы ҳәм оны оқытыў методикасы» кафедрасына биология илимлериниң PhD докторы, доцент У.Кудайбергенова басшылық етеди. Кафедра бинаның 1-қабатының № 110 ханасында жайласқан. Кафедрада белгили илимпаз б.и.д., профессор Б.Алламуратов, илим кандидатлары, доцентлер Ж.Сапарбаев, Ш.Алламуратов, Г.Алламуратова, биология илимлери бойынша философия докторы (PhD) М.Таджибаева, А.Бердибаев, А.Турекеева ҳәмде тәжирийбели үлкен оқытыўшы ҳәм ассистент оқытыўшылар биология тараўларының жетискенликлерин талабаларға үйретпекте. «Зоология, адам морфофизиологиясы ҳәм оны оқытыў методикасы» кафедрасында 18 профессор-оқытыўшы, соннан 1 илим докторы, профессор, 4 илим кандидаты, 3 PhD докторлары доцентлер ҳәм улкен оқытыўшы, 1 үлкен оқытыўшы 9 ассистент оқытыўшылар талабаларға тәлим-тәрбия бермекте.

Факультетимиз бойлап өткерилген Республикалық конференцияларға кафедрамыздың професор-оқытыўшылары өзлериниң мақалалары, тезислери, докладлары менен актив қатнасты. Атап айтқанда 2022-жылы 12-май ҳәм 2021-жылы 19-май сәнелеринде «Тәбийий пәнлердиң актуал мәселелери» атамасында халық аралық илимий-теориялық конференция өткерилди. Конференцияға илимпазлар, илимий-излениўшилер, профессор-оқытыўшылар, магистрантлар ҳәм талабалар қатнасты.

2017-жылы 16-17 ноябрь сәнелеринде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Тәбийий пәнлерди оқытыў ҳәм изертлеў мәселелери» атамасында республикалық илимий-теориялық конференция өткерилди. Конференцияға республика илимпазлары, илимий-излениўшилер, профессор-оқытыўшылар, магистрантлар ҳәм талабалар қатнасты.

        2018-жылы 28-29 ноябрь сәнелеринде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Қубла Арал бойы биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў, қайта тиклеў ҳәм қорғаўдың экологиялық мәселелери»атамасында халық аралық илимий-теориялық конференция өткерилди.Конференцияға сырт ел ҳәм республика илимпазлары, илимий-излениўшилер, профессор-оқытыўшылар, магистрантлар ҳәм талабалар қатнасты.

2020 ҳәм 2021 жыллары «Тәбийий пәнлерди оқытыў ҳәм изертлеў мәселелери» атамасында халықаралық илимий-теориялық конференция өткерилди.

 

Ф.И.Ш.

қәнигелик шифри

қәнигелик аты

Диссертация темасы

Жақлаған сәнеси

Диплом номери ҳәм берилген ўақты

Илимий атағы

Диплом номери ҳәм берилген сәнеси

1

Кудайбергенова Улбике Каллибековна

03.00.10

Экология

Анализ экологически обусловленных биологических показателей здоровья населения в условиях Южного Приаралья

05.07. 2019

01№001852

30.08.2019

 

 

2

Алламуратов Бауаддин

03.00.08

зоология

Паразитические простейшие рыб водоемов Средней Азии (фауна, систематика, экология, зоогеография и меры борьбы)

1996

04№000645

30.05.1996

Профессор

 

3

Алламуратов Шадымурат Туремуратович

03.00.20

гельминтология

Галловые нематоды сельскохозяйственных культур Ташкентской области и меры борьбы с ними

1986

БЛ№018084

1987

Доцент

03№002237

1996

4

Сапарбаев Жумабай Сапарбаевич

03.00.08

зоология

Влияние антропогенных факторов на фауну охотничье-промысловых млекопитающих хорезмского оазиса и сопредельных районов

1982

БЛ № 009738

23.03.1982

Доцент

03 №006129

30.04.2009

5

Алламуратова Гаухар Бауетдиновна

03.00.08

зоология

Хоразмҳавзахўжалигибалиқпаразитлариваўларгақаршикурашишйўллари

25.102011

01№012935

23.02.2012

Доцент

 

6

Таджибаева Мияссар Каримбаевна

03.00.10

Экология

Қорақалпоғистон республикаси аҳолисининг саломатлиги вaқт ва ҳудудий кўрсаткичлар динамикасининг қонуниятлари ва уларни атроф-муҳит ҳолатига боғлиқлиги

2021

 

 

 

7

Бердибаев Абат Султамуратович

03.00.08

зоология

Қорақалпоғистон йиртқич сут эмизувчилари (mammalia: carnivora) гельминтлари

2021

 

 

 

8

Турекеева Альфия Жиенбековна

13.00.01

Педагогика теориясы. Педагогикалық тәлийматлар тарийхы.

Қанигелигин арттырыў системасын алдынғы шет-ел тәжирийбелери тийкарында жетилистириў механизмлери.

11.12.2021

 

Үлкен оқытыўшы

 

10

Султанов Есбосын Қосымбетович

03.00.06

Зоология

Амиўдаряның төменги ағымындағы көл ҳәм коллектор системалары балықларының паразитлер фаунасы экологиясы

 

 

 

 

11

Утенова Гулжаҳан Уразбаевна

03.00.06.

Зоология

Қарақалпақстанның агроландшафтларында тарқалған зыянлы кемириўшилердиң-үй тышқаны  (Мус мускулус Л), жыңғыллық қум тышқаны (Мерионес тамарисcинус Паллас), сары балпақтың (Спермопҳилус фулвус) экологиясы ҳәм олар менен гүрес усыллары

 

 

 

 

12

Романова Лола Каримбаевна

13.00.08

Мектепке шекемги тәлим ҳәм тәрбия теориясы ҳәм методикасы

Мекптепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалардың физикалық ҳәм физиологиялық имканиятларын қәлиплестириў технологиясы

 

 

 

 

13

Палўанова Гулмира Жолымбетовна

03.00.06

Зоология

Төменги Амиўдария делтасында тарқалған тышқан тәризли кемириўшилердиң (Жалпақ тисли криса, үй тышқаны, иле полевкаси) экологиясы ҳәм олар менен заманагөй гүрес усыллары.

 

 

 

 

14

Уббиниязова Жамила Комекбаевна

03.00.06

Зоология

«Өзбекстоннинг Шимоли-Ǵарбидаги майда шохли моллар гелминтлари хилма-хиллиги»

 

 

 

 

15

Ешмуратов Адилбай Ялғошбаевич

03.00.06

Зоология

Шимоли-ғарбий Óзбекистон визилдоқ қонғизлари (CОЛЕОПТЕРА, CАРАБЫДАЕ)  фаунаси ва экологияси

 

 

 

 

16

Бектурсынов Асқар Бекбаулыевич

03.00.10

Экология

Флора и растительность рыбохозяйственных водоемов Южного Приаралья

 

 

 

 

17

Сапарниязов Инъомжон Артыкбаевич

06.01.06

сабзавотчилик

Қорақалпог‘истон Республикаси шароитида сабзавот (ширин) маккажо‘хори йетиштириш технологияси елементларини такомиллаштириш

 

 

 

 

18

Калиаева Бахытлы Руслановна

03.00.06

Зоология

Қарақалпақстан шараятинда анаcантҳотермес аўлады термитлери тарқалыўының мониторинги ҳәм оларға қарсы гүресиў профилактик ис-илажлары

 

 

 

 

19

Мамутова Феруза Шарафатдин қызы

 

 

 

 

Кафедрамызда илимий-педагог кадрлар таярлаў ҳәм илимий-излениў жумысларын раўажландырыў ислери бойынша шет ел мәмлекетлеринен профессорлардың қатнасында ашық лекциялар ҳәм семинарлар шөлкемлестирилди. Атап айтқанда 2018-жыл ноябрь айында Россия федерациясының Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университетинен аўыл хожалығы илими кандидаты (қ/х ф.н) үлкен  илимий хызметкер  М.В.Конюкова келип, талабалар ҳәм оқытыўшылардың қатнасыўында ашық лекция болып өтти.

Кафедра ӨзРИА Қарақалпақстан бөлими, ӨзРИА Зоология институты менен биргеликте илимий-изертлеў жумыслары жолға қойылған.