НМПИде «Абат журт» улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги аўызбиршиликли түрде өткерилмекте
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң бийлигине муўапық, усы жылдың 14-15-март күнлери елимиз бойлап «Абат журт» улыўма халықлық абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў қайырқомлық шембилиги өткерилиўи белгиленген еди.
Бүгин, 14-март күни азанғы ўақыттан баслап Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының барлық факультетлери өз аймақларында терек ҳәм гүл нәллерин егип, бағ ҳәм гүлзарлар жаратыў, оларға суў қуйыў, қоршаған орталықты, сондай-ақ, оқыў аудиторияларын ҳәр қыйлы шығындылардан тазалап, тереклер және жол шетлериндеги тосықлар, дийўалларды ҳәклеў жумысларын аўызбиршиликли түрде алып бармақта.
Сондай-ақ, институт ректоры тастыйықлаған жумыслар режесине муўапық, аймақтағы социаллық жәрдемге мүтәж кекселер, пенсионерлер ҳәм майыплығы болған адамлар, жалғыз жасайтуғын қарыялар, кем тәмийинленген, бағыўшысынан айрылған шаңарақлардың турақ жай шараятларын жақсылаўға көмеклесиў бойынша да жумыслар даўам етпекте.
НМПИ баспасөз хызмети.
