«Илим ҳәм техника жетискенликлерин билимлендириў системасына енгизиў машқалалары» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти

2020-жылы 19-20-май күнлери Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Илим ҳәм техника жетискенликлерин билимлендириў системасына енгизиў машқалалары» атамасында халықаралық илимий-теориялық конференция «ZOOM» платформасы арқалы аралықтан болып өтти.

Конференцияны институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры, физика-математика илимлери бойынша философия доктори (PhD) П.Ж.Калханов ашық деп жәриялады ҳәм алып барды. Ол конференцияның әҳмийети, оның мақсети ҳәм ўазыйпаларына айрықша тоқтап өтти. Конференцияға 1 сырт ел ҳәм 108 республика илимпазлары, илимий-излениўшилер, профессор-оқытыўшылар, магистрантлар ҳәм талабалар қатнасты.

Соң конференцияның бағдарламасы бойынша баянатшыларға сөз берилди.

Конференцияның жалпы мәжилиси Х.А.Яссаўий атындағы Халықаралық қазақ-түрк университети «Сүўретлеў өнери» кафедрасының профессоры, педагогика илимлериниң докторы, ҚР мәденият ғайраткери Қуандық Ералинниң «Кесте өнері арқылы білімгерлердің композиция  ұғымын қалыптастыру» атамасындағы баянаты менен басланды.

Соң Шыршық мәмлекетлик педагогикалық институтынан педагогика илимлериниң докторы, профессор Г. О.Эрназарованың «Tаълимда инновацион кластер тизими истиқболлари» атамасындағы баянаты тынланды.

Мәжилисте Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты «Мийнет тәлими» кафедрасының баслығы, т.и.д. (ScD) доцент Б.Даулетмуратов өзиниң «Мийнет пәниниң пән сыпатында қәлиплесиўи ҳәм турмыстағы орны» темасы арқалы кең мағлыўмат берип өтти.

Сондай-ақ, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты «Мийнет тәлими» кафедрасының доценти, т.и.к. Аширбекованың «TERMINLERDI ÓZLESTIRIW USÍLLARÍ» атамасындағы баянаты тыңланды.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты «Мийнет тәлими» кафедрасының доценти,  п.п.ф.д. (PhD) Н. Орынбетовтың «Аралықтан оқытыўда техникалық қураллардан пайдаланыў нәтийжелилиги» атамасындағы баянаты ҳәм «Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы» кафедрасының баслығы к-ө.п.ф.д. (Ph.D) А.Мамбеткадировтың  «Қорақалпоғистон ҳайкалтарошлигининг дастлабки етакчи тамойиллари» атамасындағы баянаты тыңланды.  

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты «Мийнет тәлими» кафедрасының үлкен оқытыўшылары Қ.Назарбеков «Определение  режима  осаждения  наносов  в  ирригационных  отстойниках» атлы темада, Т. Шамуратова «Металлардың оксидлениўинде валентликтиң әҳмийети»  атлы темада, Ж.Балтабаев «Интерфаол ўқитишнинг психологик тамойиллари» атлы темада ҳәм  «Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы» кафедрасының үлкен оқытыўшысы Б.Есбоганова «Чизмачилик фанидан умумтаълим мактабларида фан олимпиадаларни ташкил қилиш ва ўтказиш» атлы темадағы баянатлары менен қатнасты.

Конференция даўамында баянатшылыр тәрепинен бир қанша усыныслар берилди ҳәм көп пикирлер айтылды.

Ҳәр бир баянат бойынша конференция қатнасыўшылары тәрепинен көп сораўлар берилди, баянатлар терең анализленди. Секция жумысларында конференция қатнасыўшылары ҳәм баянатшылар тәрепинен бир қатар усыныслар берилди ҳәм көп пикирлер айтылды.

Конференцияға Х.А.Яссаўий атындағы Халықаралық қазақ-түрк университети, Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети, Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети, Ташкент ўалаяты Шыршық мәмлекетлик педагогикалық институты, Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық институты, Қаршы мәмлекетлик университети, Үргениш мәмлекетлик университети, Қаршы инженерлик-экономикалық институты, Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети Жиззақ филалы, Андижан халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың билимин асырыў орайы, ТАТУ Нөкис  филиалы, Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институты, Қоқанд мәмлекетлик педагогикалық институты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Бухара мәмлекетлик университети, Нөкис қаласы 18-санлы мектеп оқытыўшысы, Нөкис қаласы 21-санлы мектеп оқытыўшысы, Нөкис қаласы 32-санлы мектеп оқытыўшысы, Нөкис қаласы 8-санлы мектеп оқытыўшысы, Нөкис қаласы 37-санлы қәнийгелестирилген мектеп оқытыўшысы, Шымбай районы 32-санлы мектеп оқытыўшысы ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты хызметкерлери, докторантлар, стажёр-изертлеўшилер, еркин излениўшилер, магистрантлар ҳәм талабалар қатнасты. Улыўма есап бойынша 100 ден аслам мақала ҳәм тезислер келип түсти.

Конференцияның жабылыў мәжилисинде «Сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими» факультетиниң деканы Ж.Дарменов шығып сөйледи ҳәм конференция қатнасыўшыларына өз миннетдаршылығын билдирип конференцияны жабық деп жәриялады.

 

П.Ж.Калханов,

Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректор.