НМПИде аяғынан наўқасланған абитуриенттиң имтиханда қатнасыўына жәрдем берилди

Бүгин, 1-август күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында музыкалық тәлим бакалавр бағдарының өзбек топары сыртқы тәлим бағдарына ҳүжжет тапсырған абитуриентлердиң кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары болып өтти.

Имтиханға қатнасыў ушын бир аяғы сынып, наўқасланып қалған болыўына қарамастан Хорезм ўәлаятының Гурлан районынан келген Орифжон Халилаевқа институт қабыллаў комиссиясы жәрдем көрсетип, оны гезегинен алдын имтиханға киргизип, имтиханды жақсы тапсырыўы ушын зәрүрли шараятларды жаратып берди.

Өзбек миллий саз әсбабы дуўтарда өз қәбилетин көрсеткен Орифжон имтихан тапсырыўы ушын көрсетилген ғамқорлық ушын миннетдаршылығын билдирди.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.