«Сайлаў ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди

2019-жыл 29-октябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мәжилислер залында Өзбекистан “Миллий тикланиш” демократик партиясы Қарақалпағыстан Республикалық Кеңеси “Жаслар қанаты” тәрепинен «Сайлаў ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди. Илажда Өзбекистан “Миллий тикланиш” демократик партиясы Қарақалпағыстан Республикасы Кеңеси атқарыў Қамитети аппарат хызметкерлери, Қарақалпағыстан Республикаси Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңес депутатлары, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты басшылары, оқытыўшы ҳәм талаба жаслары, партияның “Жаслар қанаты” жанында шөлкемлестирилген “Жас сиясатшылар” ҳәм “Жас лидерлер” клублары ағзалары ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Мәлим болғанындай, декабрь айында Өзбекистан Республика Олий Мажлиси нызамшылық палатасы, Қарақалпақсан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәмде халық депутатлары жергиликли кеңеслерге сайлаўлар болып өтеди.

Сол мүнәсебет пенен орынларда үгит нәсиятлаў, жумыслары алып барылмақта. Илаж даўамында сайлаўшылар, тийкарынан, онда биринши мәрте даўыс бериўши жаслар менен ушырасыўлар, сәўбетлесиўлер өткериў, сайлаў ҳәм онда қатнасыўдың әҳмийети, сайлаўшының ҳақ-ҳуқықлары ҳаққында түсиниқлер берилмекте. Сондай-ақ партияға ағза болғанларға гуўлықлар тапсырылды.

Соңынан Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында партияның “Жаслар қанаты” жанынан «Жас демократшылар» клубы шөлкемлестирилди. Илаж жуўмағында клуб ағзалары ҳәм талантлы студент жаслардың атқарыўында концерт бағдарламасы жыйналғанларға усынылды.