Биз жаслар-наркоманияға қарсымыз!
Институт мәжлислар залында «Жаслар арасында наркоманияға қарсы гүрес ҳәм оның алдын алыў» атамасында ушырасыў өткерилди. Ушырасыўды Жаслар менен ислесиў бойынша проректор Қ.Қадиров алып барды.
Өткерилген илажда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы наркотик өнимлерди қадағалаў миллий орайы хызметкери Б.Рўзмуродов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Жаслар сиясаты, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәселелери бойынша секретариат баслығы И.Ахмедов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жынаят излеў басқармасы оператив хызметкери А.Таңирбергенов, Республика наркомания диспансери шыпакери Б.Қайыпназаров, Республика АИЖС на қарсы гүресиў орайы шыпакери Г.Утаровалар қатнасты.
Ушырасыў даўамында студент-жасларға видеофильм көрсетилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелер тәрепинен жуўаплар алды.

