Өзбекстан тарийхында биринши мәрте институтымыз студенти жәҳән чемпионатының жеңимпазы болды
Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 20-23-сентябрь күнлери Словакияның Трнава қаласында спорттың еркин гүрес түринен жаслар арасында жәҳән чемпионаты болып өтти.
Қуўанышлы тәрепи, 62 кг салмақта Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты дене мәденияты факультети студенти Набира Есенбаева жәҳән чемпионатының финал басқышына жол алған еди.
Набира Есенбаева дәслеп қазақстанлы Ирина Кузнецованы, шерек финалда белоруссиялы Кристина Сазыкинаны, ал ярым финалда италиялы Аврора Кампаньаны жеңип, финал басқышына жол алды.
Финалда Набира япониялы Атена Кодама менен жәҳән чемпионлығы ушын беллести. Набира финал беллесиўин табыслы баслаған еди. Бирақ, алған жарақаты себепли беллесиўди ақырына шекем жеткере алмады. Бул техникалық жеңилис деп баҳаланып, жерлесимиз гүмис медалына ийелик ететуғын болды.
Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, Набира Есенбаевның жаслар арасындағы жәҳән чемпионатында қолға киргизген бул нәтийжеси Өзбекстан ҳаял-қызлар спорты тарийхындағы ең жоқары жетискенлик болып табылады.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.