МӘЛИМЛЕМЕ ХАТЫ
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ
ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРЛИГИ
ӘЖИНИЯЗ АТЫНДАҒЫ НӨКИС МӘМЛЕКЕТЛИК ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ИНСТИТУТЫ
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 6-марттағы «Өзбекстан Республикасында 2018-жылда халық аралық ҳәм республика көлеминде өткерилетуғын илимий ҳәм илимий-техникалық конференциялар режеси ҳаққында»ғы 178-ф-санлы пәрманы тийкарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2018-жыл 14-15-декабрь күнлери «Социал-гуманитар илимлериниң актуал мәселелери: раўажланыў перспективасы» атамасында халық аралық илимий-теориялық конференция өткериледи.
Конференцияда төмендеги бағдарлар бойынша секциялардың жумыс алып барылыўы режелестирилген:
Секция 1. Социал-гуманитар илиминиң заманагөй изертлениўлери ҳәм раўажланыў келешеги.
Секция 2. Қубла Арал бойы халықлары тарийхының актуал мәселелери ҳәм изертлеўлер.
Секция 3. Социал-гуманитар пәнлерин оқытыўдың методлары ҳәм инновацион технологиялары.
Конференция материаллары 2018-жыл 1-декабрьге шекем қабыл етиледи.
Конференцияның рәсмий тиллери: өзбек, қарақалпақ, рус, инглиз
Қатнасыў шәртлери: Конференцияда илимий изертлеў мекемеси ҳәм жоқары оқыў орынларының илимий хызметкерлери, докторантлар, магистрантлар ҳәм студент жаслар қатнасады. Конференцияға усынылған баянатлар актуал мәселелерди шешиўдиң теориялық яки әмелий әҳмийетине қаратылған бағдарда болыўы керек.
Конференцияға жиберилген материалларды баспадан шығарыў көзде тутылмақта, сонлықтан олардың көлеми 2 беттен кем болмаған ҳәм 4 беттен аспаған болыўы шәрт болып, типографиялық шығынлар ушын ағзалық төлеми материалдың ҳәр бир бети ушын 10.000 (он мың) сўм. Бир автор бир баянат, яки қоспа авторлықта үш баянат пенен қатнасыўы мүмкин.
Текст А4 форматтағы ақ қағазға, жоқарыдан ҳәм төменнен 2,5 см, шептен 3,0 см ҳәм оңнан 1,5 см шегаралар қалдырып жайластырылады ҳәм электрон формада тапсырылады. Доклад материаллары номерленбейди ҳәм Microsoft Word редакторында Тimes New Roman шрифтте 14 өлшемде (интервал 1,0) rtf, doc форматта таярланады. Ҳәмме силтемелер тик қаўыста берилип, автордың фамилиясы ҳәм силтеме исленген илимий мийнеттиң бети көрсетиледи: [Камалов:15]. Тезис соңында пайдаланылған әдебиятлар дизими бериледи. Баян етилген мағлыўматлардың илимий-теориялық тийкарланғанлығы ҳәм методологиялық тәреплери бойынша автор жуўапкер.
Материал аты бас (үлкен) ҳәриплер менен, кейинги қатарға өткерилместен, ортада жазылады. Кейин киши ҳәриплер менен автордың фамилиясы, аты, әкесиниң аты, қала, мәмлекет, жумыс орны, e-mail көрсетиледи. Доклад авторының аты, әкесиниң аты ҳәм фамилиясының астына сызылады.
Талапларға жуўап бермейтуғын ҳәм белгиленген мүддеттен кешигип түскен материаллар баспадан шығарылмайды.
Тезис ушын төлем есап бети:
Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги ғазнашылығы
р/с: 2340 2000 3001 0000 1010
Банк: МБ ББ ХККМ Ташкент қаласы
МФО: 00014; ИНН: 201 122 919
л/с: 4001 1086 0354 0179 5010 0079 003
ИНН: 200357981
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты
Квитанцияда автордың аты, фамилиясы толық көрсетиледи ҳәм «Конференция материалы ушын» деп жазылыўы керек.
Мәнзил: 230105 Қарақалпақстан Республикасы. Нөкис қаласы, М.Нурмухамедов көшеси, 1 жай. Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты. Тарийх-география факультети.
Шөлкемлестириў комитети: Тарийх оқытыў методикасы кафедрасы. Мобиль телефоны: +99890-735-29-17. E.mail: asarybaev@mail.ru; t.eskaraev@mail.ru
КОНФЕРЕНЦИЯ ҚАТНАСЫЎШЫСЫ АНКЕТАСЫ
Қатнасыўшы Ф.И.Ш.: | |
Секция: | |
Тезис материаллары аты: | |
Жумыс орны ҳәм мәнзили: | |
Лаўазымы: | |
Илимий дәрежеси ҳәм атағы: | |
Жумыс орны ямаса мобиль телефоны: | |
e-mail: |