Rus tili hám ádebiyatı kafedrası

kafedra baslig’i: Xodjaniyazova Aygul Aytmuratovna
tel: 998912294098
e-mail: aygul.1671@mail.ru
  kafedra sayti:

 

Рус тили ҳәм әдебияты кафедрасы 1937-жылы Төрткүл мәмлекетлик муғаллимлер институты (ҳәзирги Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты) базасында рус тили ҳәм әдебияты факультети қурамында ашылды.

      Кафедраның биринши профессор-оқытыўшылар қурамы Россиядан келген рус тили ҳәм әдебияты бойынша қәнигелерден дүзилди. Г.Д. Петров, Л.А.Сараджев, Гопштейн П.Г, доцентлер П.И.Сенин, А.Н.Сидоров, оқытыўшылар Седлецкий, Т.А.Иванова ҳәм т.б. лар киби атақлы педагоглардың атлары институт тарийхынан беккем орын алды. Олар қысқа ўақыт ишинде өзлери оқытқан питкериўшилерден алдынғы қатардағы илимий-педагогикалық кадрлар контингентин таярлай алды ҳәм олар тез арада республиканың илим-пән ҳәм билимлендириў тараўларында маман қәнигелерге айланды.

 Олардың қатарында ӨзР ИА академиклери М.К.Нурмухамедов ҳәм Х.Халилов, филология илимлери докторлары, профессорлар   Н.А.Урумбаев, Е. Бердимуратов,  А.У.Умаров,  К.М.Кощанов, доцент А.Жақсыбаев ҳәм т.б. ларды атап көрсетиў орынлы. Қарақалпақстанда рус филологиясының илим тараўы сыпатында раўажланыўының сағасында әйне усы инсанлар турған болып, республикамыздағы көплеген илимий мийнетлер – мектеп ҳәм жоқары оқыў орынлары ушын сабақлық ҳәм оқыў қолланбалар, методикалық исленбелер, монографиялар усы илимпазлар тәрепинен дүзилген.

 Ал олардың шәкиртлери қатарында соңғы онжыллықлардағы рус филологиясы кафедрасындағы жетекши қәнигелер С.А. Аллаяров, А.А.Турабаев, Б.Х.Хощанов, У.Ю.Маткурбанов, Ю.Х.Маткурбанов, К.С. Сапаров, К.П.Сеитова, З.А.Шамуратова, Т.Ж. Халмуратов, Г.Ж. Алламуратова, Н.Б. Орымбетова ҳәм т.б. ларды атап өтиў мүмкин.

     Кафедра ҳәм улыўма институт тарийхынан сондай-ақ, регионда рус тили ҳәм әдебиятын раўажландырыў жумысларына салмақлы үлес қосқан оқытыўшылар Л.С. Баева, М.А.Максютова, Т.П. Мулик, А.И.Балакина, З.М. Кулакова, Н.И.Волосатова, М.А. Бердибаев ҳәм тағы басқа қәнигелердиң атлары орын алған.

      Институтта «Ҳәзирги рус тили», «Рус тили ҳәм әдебиятын оқытыў методикасы» ҳәм «Факультетлераралық рус тили» кафедралары болған.  Ҳәзир институтта «Рус тили ҳәм әдебияты» кафедрасы ислеп тур.

      Кафедраны биринши болып басқарғанлар қатарында Сараджев Леонид Александровичти атап көрсетиўге болады. Оннан кейин 1958-жылларға шекем Петров Георгий Дмитриевич, 1960-1962-жыллары Жақсыбаев А.Дж., 1963-жылдан баслап 1974-жылға шекем П.И. Сенин, 70-80-жылларда Н.А.Урумбаев А. У. Умаров, соң А. Ж. Жәримбетов, 1990-2000-жыллары К.М.Кощанов, У.Ю.Маткурбанов, Ю. Х. Маткурбанов, 2000-2018-жыллары Н.Б.Орымбетова, Т.Ж.Халмуратов, Э.Н.Ешниязова басқарған. Ҳәзирги ўақытта институттың «Рус тили ҳәм әдебияты» кафедрасына педагогика илимлери кандидаты, доцент А.А.Хожаниязова басшылық етпекте.

Бүгинги күнде кафедрада 20 дан аслам оқытыўшы ислейди. Олар арасында 8 илим кандидатлары, 1 профессор,  5 доцент, 5 аға оқытыўшы бар. Атап айтқанда, ф.и.к., профессор К.М. Кощанов; п.и.к., доцент, кафедра баслыгы А.А. Ходжаниязова; ф.и.к., доцент Т. Ж.  Халмуратов; ф.и.к., доцент И.О. Дилманов, ф.и.к., доцент С.А. Елмуратова,  ф.и.к., аға оқытыўшы                               Э.Н. Ешниязова; ф.и.к., аға оқытыўшы Н.А.Турабаева; ф.и.к., аға оқытыўшы   Ю.М.Шамшетова; аға оқытыўшылар Г.Ж. Төлегенова, М.И. Григорьева,                         Г.К. Генжебаева, Г.К. Кощанова; ассистент-оқытыўшылар М.М. Турсынова, Р.А. Абдуллаева,  Р.Р. Тлеубергенова, М.П. Даўлетбаев, А.М. Абдиров, стажер-оқытыўшылар С.Мамбетов, Т.Абаданов, Г. Джангабаевалар жумыс алып бармақта.

Рус тили ҳәм әдебияты кафедрасында оқытыў төмендеги еки бакалавриат қәнигелиги  бойынша алып барылады:

Ана тили ҳәм әдебияты (Рус тили ҳәм әдебияты);

Ана тили ҳәм әдебияты (Рус тили озге тилли топарларда).

1-курс – шифры: 60111500 – Ана тили ҳәм әдебияты (Рус тили ҳәм әдебияты);             

1-курс (миллий) – шифры: 60111700 –  Өзге тилли топарларда рус тили;                     

2 курс – шифры: 60111500 – Ана тили ҳәм әдебияты (Рус тили ҳәм әдебияты); 

2-курс (миллий) – шифры:  60111700 –   Өзге тилли топарларда рус тили;                     

3 курс – шифры:  60111500 – Ана тили ҳәм әдебияты (Рус тили ҳәм әдебияты);

3 курс (миллий) – шифры:  60111700-   Өзге тилли топарларда рус тили;                   

4-курс – шифры:  60111500 – Ана тили ҳәм әдебияты (Рус тили ҳәм әдебияты);

4- курс (миллий) – шифры:  60111700 –   Өзге тилли топарларда рус тили.               

Рус тили ҳәм әдебияты қәнигелиги бойынша магистратура (шифры 70111501) бөлими ислеп тур.

      Рус тили ҳәм әдебияты кафедрасында төмендеги бағдарлар бойынша илимий-изертлеў жумыслары алып барылмақта:

Ҳәзирги рус тили машқалалары;

Рус әдебияты теориясы ҳәм тарийхы;

Рус тили ҳәм әдебиятын оқытыў методикасы;

Рус ҳәм қарақалпақ тиллериниң салыстырмалы грамматикасы;

Рус ҳәм қарақалпақ тиллериниң өз-ара тәсири.

Рус тили болиминде 2 догерек оз искерлигин журитип келмекте – «Әдебиятты оқытыў методикасы», «Әдебий окыу ҳәм театр өнери».

        Рус тили ҳәм әдебияты кафедрасының профессор-оқытыўшылар қурамы Өзбекстан Республикасы ҳәм шет еллерде өткизилетуғын илимий-әмелий конференция ҳәм илимий-методикалық семинарларда белсене қатнаспақта.

     Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының рус тили ҳәм әдебияты  кафедрасында билимлендириў, илим-пән ҳәм инновациялық искерлик бойынша 1000 ең жақсы ЖООлар дизимине киргизилген көплеген жоқары оқыў орынлары менен белсене биргеликте ислесиў жолға қойылған. Биргеликте ислесиў ҳәм интеграция мақсетинде, биринши нәўбетте билимлендириўдиң сапасын жақсылаў, сондай-ақ инновация ҳәм илим-пәнди раўажландырыў ушын кафедрамыз ҳәм Москва мәмлекетлик педагогикалық университети, Россия халықлар дослығы университети, Л.Н. Гумилёв атындағы Евразия миллий университети, Әл-Фараби атындағы Қазақстан миллий   университети, Новосибирск мәмлекетлик техникалық университети, Волгоград социаллық-педагогикалық университети, П.П. Семенов-Тян-Шанский атындағы Липецк мәмлекетлик педагогикалық университети, А.М. Герцен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университети киби жоқары оқыў орынларындағы сәйкес кафедралар арасында шәртнамаларға қол қойылды.

          Халықаралық биргеликте ислесиў билимлендириў, илим-пән ҳәм мәденият тараўларында өз-ара пайдалы байланыслар орнатыў,                                   илимий-педагогикалық жәмәәтлер арасында қарым-қатнасықты раўажландырыў, тәреплердиң дүнья жүзлик билимлендириў ҳәм илимий жәмийетке бирлесиў процесин активлестириў имканын береди.

Әжинияз атындағы НМПИ да шәртнамада белгиленген мәселелерди әмелге асырыў ушын, инновациялық биргеликте ислесиў шеңберинде билимлендириўдиң заманагөй форма ҳәм методлары менен байланыслы темаларда ЖООлар арасындағы вебинарлар, билимлендириў, илим-пән ҳәм мәденият мәселелери бойынша семинарлар шөлкемлестирилмекте ҳәм өткерилмекте.

Рус тили ҳәм әдебияты кафедрасында ҳәр жылы Абай атындағы ҚазМПУ профессоры Г.А. Қажыгалиева, Л.Н.Гумилев атындағы ЕМУ рус филологиясы кафедрасы доценти А.Х. Хамидовалардың лекция оқыўы усы ЖООлар менен биргеликте ислесиўге айқын мысал бола алады.

Кафедраның инновациялық искерлигиндеги кейинги қәдем рус тили ҳәм әдебияты кафедрасының Новосибирск мәмлекетлик техникалық университети (НЭТИ – НМТУ) тәрепинен қаржыландырылып, НМТУ гуманитар билим бериў факультети филология кафедрасы күш-ҳәрекетлери менен әмелге асырылып атырған «Новосибирск – Нөкис» (Постсовет лингвомәдений ҳәм илимий мәкандағы рус тили» жойбары шеңбериндеги) онлайн-жойбарда қатнасыўы ҳәм шет ел университетлери ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге интеграциялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша таңлаў жуўмақларына муўапық ишки грантты ийелеўи болып, нәтийжеде «Тил – мәденият – билимлендириў» авторлық монографиясы басып шығарылды. Жойбар мақсети Өзбекстандағы билимлендириў орталығында рус тилин оқытыў системасын қоллап-қуўатлаў, постсовет социал-мәдений мәканда рус тилиниң орнын беккемлеў қураллары ҳәм усылларын излеп табыў ҳәм де жетилистириўден ибарат. «Туўрыдан-туўры эфир» деги онлайн-курслардың тыңлаўшылары (оқытыўшы ҳәм магистрантлар) саны 30 дан аслам болып, олардан жигирмасы маманлығын асырғанлығы ҳаққында гүўалық алды. 

2020-оқыў жылында кафедра оқытыўшылары ҳәм студентлери                              П.П. Семенов-Тян-Шанский атындағы Липецк мәмлекетлик педагогикалық университети тәрепинен шөлкемлестирилген «Погружение в культуру – шаг к пониманию языка», «Мәдениятқа ениў – тилди түсиниў жолындағы қәдем» онлайн-жойбарда қатнасты. Жойбар Россия Федерациясы Билимлендириў министрлиги гранты шеңберинде әмелге асырылып, мақсети – рус тилин ғалабаластырыў, рус тили ҳәм Россиядағы билимлендириўге қызығыўшылық оятыўдан ибарат.

Соның менен бирге, П.П. Семенов-Тян-Шанский атындағы Липецк мәмлекетлик педагогикалық университети менен илимий-изертлеў ҳәм мәдений искерлик шеңберинде «Поэзия ушын жаратылған тил…» (Рус тилине аўдармаланған жәҳән поэзиясы дүрданалары) халықаралық жойбары әмелге асырылды. Жойбарда қатнасыўға Европа ҳәм ҒМД мәмлекетлеринен 25 мәмлекет ўәкиллери мирәт етилди. Жойбардың Европадағы шериклери: INALCO шығыс тиллери ҳәм мәдениятлары миллий институты (Париж), «Теремок» рус мектеби (Париж), «Исток» рус тили бирлеспеси (Париж) ҳәм т.б. лар.

Ҳәр жылы кафедрада «Филология: теориядан әмелиятқа карай багдар» («Филология: от теории к практике»)  темасындағы халықаралық илимий-әмелий конференциялар өткизиледи. Оларды өткизиўден мақсет тил билими ҳәм әдебияттаныў бойынша илимий машқалаларды шешиў, олардың нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў, сондай-ақ миллий ҳәм шет еллик илимпазлар арасында илимий байланыслар орнатыўға көмеклесиў болып табылады.

Кафедрада «Русский мир» фонды тәрепинен қаржыландырылып атырған «1941-1945-жыллардағы Уллы Ўатандарлық Урыс ҳаққында тарийхый ҳақыйқат ҳәм ол туўралы рус ҳәм қарақалпақ шайырларының көркем шығармалары ҳәм де фактлық материалларда надурыс мағлыўматлар берилиўине қарсы гүрес» жойбары әмелге асырылмақта.

Әжинияз атындағы НМПИ рус тили ҳәм әдебияты кафедрасы халықаралық рейтингте биринши 1000 орынға кирген көплеген жоқары оқыў орынлары, «Русский мир» фонды, сондай-ақ, «Россотрудничество»ның Өзбекстан Республикасындағы ўәкилханасы менен халықаралық байланысларды нәтийжели алып бармақта. «Россотрудничество»ның Өзбекстан Республикасындағы ўәкилханасы менен дүзилген шәртнама бәнтлерин орынлаў шеңберинде, ўәкилхана басшысы Ирина Александровна Старосельская атынан рус тили ҳәм әдебияты кафедрасына 210 китап (методикалық, оқыў, көркем ҳәм мағлыўматнама әдебиятлары) саўға сыпатында тапсырылды. Бул китаплардың улыўма баҳасы 1388,44 АҚШ долларын қурайды.

          Эразмус+ КА 171 «Learning mobility for higher education students»  (оқытыўшылардың маманлығын арттырыў, студентлер алмасыў) жойбары бойынша Дрезден техникалық университети ҳәм институттың рус тили ҳәм әдебияты кафедрасы арасында биргеликте ислесиў жолға қойылған, усы жойбарда қатнасып атырған рус тили ҳәм әдебияты бөлиминиң жумысы нәтийжесинде июнь айында кафедра баслығы А.Хожаниязова Дрезден техникалық университетинде стажировкада болып, университетте сабақ өтти. Сондай-ақ, 5-сентябрьден 25-декабрьге шекем германиялы студентлер Эллен Кремер ҳәм Анника Юлия Сукер жойбар шеңберинде рус тили бөлиминде билим алды ҳәм тил әмелиятын өтеди. Өз гезегинде, олар оқытыўшылар ҳәм студентлерге «Германияға хош келипсиз!» атамасындағы дөретиўшилик жумысын презентация қылып, оларды Германияның билимлендириў системасы менен таныстырды. Илаж даўамында олар өз ўатаны, Дрезден қаласы ҳаққында, сондай-ақ, Германияның билимлендириў системасы ҳәм дүньяның ең жақсы жоқары оқыў орынлары дизимине киретуғын Дрезден техникалық университети структурасы ҳаққында мағлыўмат берди.

         Әжинияз атындағы НМПИ рус тили ҳәм әдебияты кафедрасы бир неше жылдан берли көплеген сырт ел жоқары оқыў орынлары менен бирге ислеспекте.  Мине усындай бирге ислесиўши университетлерден бири Л.Н. Гумилев атындағы Евразия миллий университети болып табылады.      Әжинияз атындағы НМПИда студентлер ҳәрекетшеңлиги барған сайын раўажланып бармақта ҳәм бул институттың халықаралық искерлигиниң әҳмийетли бағдары болып есапланады.  Институт студентлер ҳәм оқытыўшыларға сырт еллерде билим алыў ҳәм илимий изертлеўлер алып барыў, сондай-ақ, сырт елли кәсиплеслер менен тәжирийбе алмасыў имканиятларын беретуғын «Академиялық ҳәрекетшеңлик» бағдарламасын қоллап-қуўатламақта. 2024-2025-оқыў жылының гүзги семестринде «Рус тили ҳәм әдебияты» ҳәм «Өзге тилли топарларда рус тили» бағдарларының 4-курс студенти А.Байназарова, 3-курс студенти Ф.Сапарбекова, 2-курс студентлери И.Каллибекова ҳәм Д.Собировлар Евразия миллий университетинде академиялық ҳәрекетшеңлик тәртиби бойынша билим алды.

       Дәстүрге муўапық, 2020-жылдан баслап ҳәр жылы Л.Н.Гумилев атындағы Евразия миллий университетиниң рус филологиясы кафедрасы (Астана, Қазақстан) ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының рус тили ҳәм әдебияты кафедрасы биргеликте «НУРҒАЛИЕВ ОҚЫЎЛАРЫ: XXI ӘСИР СТУДЕНТЛЕРИНИҢ ИЛИМИЙ ЖӘМИЙЕТИ. ФИЛОЛОГИЯ ПӘНЛЕРИ» темасында жас илимпазлардың халықаралық илимий-әмелий конференциясын шөлкемлестиреди ҳәм өткизеди. Конференция нәтийжелери бойынша топлам (электрон форматта) басып шығарылып, РИНЦ (Россия илимий цитата алыў индекси) базасына киргизиледи ҳәм ISBN (халықаралық стандарт номер) бериледи.

       2023-жылы апрельде Қазан федераллық университетиниң (Россия Федерациясы) мирәти бойынша кафедра оқытыўшылары А.Зарымбетов, Р.Тлеўбергенова усы жоқары оқыў орнында қәнигелигин арттырыў курсларын табыслы тамамлады. Қазан федераллық университети  Психология ҳәм билимлендириў институтында өткерилген қәнигелигин арттырыў курсларында университеттиң илимий-изертлеў ҳәм педагогикалық искерлигин жойбарлаў ҳәм әмелге асырыў, сондай-ақ, илимий баспа жумысы тараўындағы компетенциялар көрип шығылды. Стажировка бағдарламасын әмелге асырыўда Халықаралық қатнасықлар институты, Филология ҳәм мәдениятлараралық коммуникация институты, ҚФУ Фундаментал медицина ҳәм биология институты, EduTech, Н.И. Лобачевский атындағы лицей ҳәм «Мы вместе» (Биз биргемиз) атлы балалар бақшасы да қатнасты.

       2024-жылдың июнь айында кафедра оқытыўшылары А.Хожаниязова, С.Елмуратова, М.Григорьева Ал-Фарабий атындағы Қазақстан миллий университетинде «Рус тилин оқытыў методикалары ҳәм инновациялық билимлендириў технологиялары» бағдары бойынша қәнигелигин арттырыў курсларын табыслы тамамлады.

      Бир неше жыллардан берли рус тили ҳәм әдебияты кафедрасы Нөкис қаласындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектеби менен бирге ислесип келмекте.  Мектеп пенен алып барылып атырған жумысларға кафедра доценти Э.Ешниязова жуўапкер етип тайынланған. Биргеликтеги жумыс режеси дүзиледи, шеберлик сабақлары, семинарлар ҳәм тематикалық илажлар өткериледи, сондай-ақ, бөлим студентлери бул мектепте педагогикалық әмелият өтейди.

Кафедра оқытыўшылары А.Хожаниязова, Е.Ешниязова, Н.Төребаева, Г.Генжебаева, М.Григорьева ҳәм Ю.Шамшетовалар Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен тастыйықланған сабақлықлар ҳәм оқыў қолланбаларын басып шығарды.

Рус тили ҳәм әдебияты факультети студентлери Халықаралық таңлаўлар, олимпиадаларда қатнасып, мәмлекетлик атақлы стипендия ийелерине айланбақта.

Qoshanov Qutlımurat Moyatdinovich, filologiya ilimleriniń kandidatı, professor. 1951 jılı 21 yanvarda Kegeyli rayonında tuwılǵan. 1974 jılı Qarakalpaq mámleketlik pedagogikalıq institutın pitkergen. Qániygeligi – filolog, rus tili hám ádebiyatı oqıtıwshısı. 1978 jılı «Русско-интернациональная лексика как источник обогащения словарного состава каракалпакского языка» atamasında kandidatlıq dissertaciyasın jaqladı.  Ilimiy qızıǵıwshılıq tarawı – ózlestiriw processi. Q.Qoshanov 50ge jaqın  monografiya, joqarı oqıw orınları, mektep hám kolledjlerge arnalǵan kitaplar hám qollanbalardıń avtorı. Mámleketimiz hám sırt el ilimiy jurnallarında 250ge jaqın ilimiy-metodikalıq maqalaları járiyalandı.

     

Xalmuratov Tajetdin Jumashevich, filologiya ilimleriniń kandidatı, docent. 1956 jılı 4 avgustta Nókis qalasında tuwılǵan. 1980 jılı Nókis mámleketlik universitetin tamamlaǵan. Qániygeligi – filolog, rus tili hám ádebiyatı oqıtıwshısı. 1994 jılı  «Бессоюзные сложнıе предложения однородного состава современного русского язıка в аспекте проблемы тождеств и различий» atamasında kandidatlıq dissertaciyasın jaqladı. Házir waqıtta T.Xalmuratov «Бессоюзные сложные предложения в разносистемных языках» atamasında doktorlıq dissertaciyasın dawam etpekte. T.Xalmuratov Ózbekstan Respublikası xalıq bilimlendiriw ministrligi hám instituttın húrmet jarlıǵı menen sıylıqlanǵan, sonday-aq, Qarakalpaqstan Respublikası xalıq bilimlendiriw aǵlası, Ózbekstan Respublikası xalıq bilimlendiriw aǵlası siyaqlı ataqlardı kolǵa kiritken. Ol 30ǵa jaqın ilimiy, ilimiy-metodikalıq jumıslardıń avtorı.

Dil’manov Il’ya Orakbaevich, filologiya ilimleriniń kandidatı, docent. 1962 jılı 15 sentyabrde Kegeyli rayonında tuwılǵan. 1990 jılı M.Ulugbek atındaǵı Ózbekstan milliy universitetin tamamlaǵan.   Qániygeligi – filolog, rus tili hám ádebiyatı oqıtıwshısı. 2005 jılı «Особенности интерпретации национального своеобразия при переводе эпических произведений с родственных языков» atamasında kandidatlıq dissertaciyasın jaqladı.  Ilimiy qızıǵıwshılıq tarawı – ádebiyattanıw, fol’kloristika hám awdarmashılıq. I.Dil’manov 100ge jakın ilimiy, ilimiy-metodikalıq miynetlerdiń avtorı. Ózbekstan Respublikası Prezidenti janındaǵı mámleket basqarıw akademiyasınıӊ pitkeriwshisi. Ózbekstan Jurnalistler awqamınıń aǵzası. «Shuxrat» medali, sonday-aq, Qaraqalpaqstan Respublikası  Joqarǵı Keӊesiniń Hurmet jarlıǵı menen sıylıqlanǵan. Qarakalpaqstan Respublikası xalıq bilimlendiriw aǵlası.

Xodjaniyazova Aygul’ Aytmuratovna, pedagogika ilimleriniń kandidatı, docent. 1971 jılı 16 yanvarda Nókis qalasında tuwılǵan. 1988 jılı Tambov mámleketlik pedagogikalıq institutında oqıwın baslaǵan bolsa, 1993 jılı Nókis mámleketlik pedagogikalıq institutında tamamlaǵan. Qániygeligi – filolog, rus tili hám ádebiyatı oqıtıwshısı. 2007 jılı «Модели уровня знаний по русскому язıку на основе тестирования как средство повıшения качества учебно-воспитательного процесса (на материале школ Республики Каракалпакстан)» atamasında kandidatlıq dissertaciyasın jaqlaǵan. Ilimiy qızıǵıwshılıq tarawı – metodologiya. Aygul’ Xodjaniyazova 100ge jaqın ilimiy-metodikalıq miynetlerdiń avtorı. Solardıń ishinde 3 monografiya, 1 kitap, 20 oqıw-metodikalıq qollanba.

Allamuratova Gulsanem Jalgasbaevna, filologiya ilimleriniń kandidatı, docent. 1969 jılı 28 sentyabrde Nókis qalasında tuwılǵan. 1991 jılı Qarakalpaq mámleketlik universitetin tamamlaǵan. Qániygeligi – filolog, rus tili hám ádebiyatı oqıtıwshısı. 1997 jılı «Типология художественного воплощения исторической личности и действительности в произведениях В.Пикуля» atamasında kandidatlıq dissertaciyasın jaqladı. Ilimiy qızıǵıwshılıq tarawı – zamanaǵoy pedagogikalıq texnologiyalar, xázirgi ádebiy process. G. Allamuratova bir qatar monografiyalar, 30ǵa jaqın qollanba, metodikalık jumıslar, respublika hám sırt ellerinde jariyalanǵan 90ǵa jaqın maqalalar avtorı.

 

Eshniyazova El’mira Naurızbaevna, filologiya ilimleriniń kandidatı, ulken oqıtıwshı. 1970 jılı 10 mayda Nókis qalasında tuwılǵan. 1991 jılı Nókis  mámleketlik institutın (xázirgi QMU) tamamlaǵan. Qániygeligi – filolog, rus tili hám ádebiyatı oqıtıwshısı. 2001 jılı «Лирика Т.Матмуратова (идейно-тематические, жанровıе и художественнıе своеобразия)» atamasında kandidatlıq dissertaciyasın jaqladı. Ilimiy qızıǵıwshılıq tarawı – metodologiya. E.Eshniyazova 5 ilimiy-metodikalıq qollanba, 50ge jaqın ilimiy maqalalalar avtorı.

Turabaeva Nazira Aytmuratovna, filologiya ilimleriniń kandidatı, ulken oqıtıwshı. 1972 jılı 9 sentyabrde Nókis qalasında tuwılǵan. 1994 jılı Nókis mámleketlik pedagogikalıq institutın tamamlaǵan. Qániygeligi – filolog, rus tili hám ádebiyatı oqıtıwshısı.  2008 jılı  «Влияние узбекского язıка на развитие лексики каракалпакского язıка» atamasında kandidatlıq dissertaciyasın jaqladı. Ilimiy qızıǵıwshılıq tarawı – tillerdiń salıstırmalı tipologiyası. N.Turabaeva  2 oqıu-metodikalıq qollanbanıń birlesken avtorı, 25ke jaqın ilimiy maqala hám tezislerdiń avtorı.  

 

 

Elmuratova Sayora Abıllaevna, filologiya ilimleriniń kandidatı, ulken oqıtıwshı. 1981 jılı 1 yanvarda Nókis qalasında tuwılǵan. 2004 jılı M.Ulugbek atındaǵı Ózbekstan milliy universitetin tamamlaǵan. Qániygeligi – filolog, rus tili hám ádebiyatı oqıtıwshısı. 2011 jılı «Система и функционирование словообразовательных категорий конкретных существительных в современном русском языке» atamasında kandidatlıq dissertaciyasın jaqladı.  Ilimiy qızıǵıwshılıq tarawı – lingvistika: rus tili. S.Elmuratova 2 ilimiy qollanba, 1 monografiya, respublika hám sırt ellerinde jariyalanǵan 20ǵa jaqın  maqalalar avtorı.  

Partner joqarı oqıw orınları. Rus tili hám ádebiyatı kafedrası qanigeleri Ózbekistannıń kóplegen joqarı oqıw orınları menen birgelikte jumıs alıp baradı, máselen, Nizamiy atındaǵı TMPU, Mırza Ulugbek atındaǵı Milliy universitet, Ózbekistan mámleketlik jáhan tilleri universiteti, bunnan tısqarı sırt  el joqarı oqıw orınları menen baylanısları bar, máselen, Moskva mámleketlik pedagogikalıq universitet, Ivanovo mámleketlik universiteti, Qorqıt ata atındaǵı Qızıl Orda mámleketlik universiteti.

Rus tili hám ádebyatı kafedrasında tayarlanatuǵın qanigeler:

  • Rus tili hám ádebiyatı bakalavr tálim baǵdarı;
  • Rus tili hám ádebiyatı ózge tilli toparlarda bakalavr tálim baǵdarı;