ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Сиз ҳәм биз исенбейтуғын 7 факт

Гизадағы пирамидалар Жерде мамонтлар жасайтуғын ўақытларда қурылған

Илимпазлар пирамидалар бизиң эрамызға шекемги XXVI-XXIII әсирлер аралығында қурылған деп есаплайды. Мамонтлар болса 1,6 миллион жыл алдын пайда болып, б.э.ш. Х әсирде пүткиллей қырылып кеткен.

 

АҚШтың Вайоминг штатында тек ғана 2 эскалатор бар

Вайоминг штаты көлеми жағынан АҚШ штатлары арасында 10-орынды ийелейди. Бул жердиң жергиликли турғынларының саны 560 мың адамды қурайды. Усындай көп халқы болыўына қарамастан штатта тек ғана 2 эскалатор халыққа хызмет көрсетеди. Бул 2 эскалатор Каспер қаласындағы банкте жайласқан.

 

Ийтлер қасқыр менен емес, айыў менен қаналас

Илимпазлар ийт ҳәм айыўдың түби бир екенлигин дәлилледи. Ал қасқырдың тийкары пышық тәризли ҳайўанлар болғанлығы себепли айыў менен улыўма қаналаслығы жоқ екен.

 

АҚШтағы китапханалар саны дүнья жүзиндеги McDonalds ресторанларының санынан көп

АҚШ китапханалар ассоциациясы тәрепинен өткерилген есаплаўларға қарағанда АҚШтағы оқыўшыларға хызмет ететуғын китапханалар саны 119 847 ни қурайды. Ал дүнья жүзиндеги ең белгили McDonald’s ресторанларының саны дүнья бойынша 36 мыңға шамаласты қурайды.

 

Кореялылар ийис шығармай терлейди

Бристоль университети илимпазлары усындай жуўмаққа келген. Олар өз тәжирийбелериниң нәтийжеси 99,994% ке дурыс екенлигине исенеди. Сол себепли де Қубла Кореяда дезодорант табыў оғада қыйын.

 

Канаданың пүткил халқы АҚШтың Калифорния штатының жергиликли турғынларынан аз

Канаданың халқы 2017-жылдағы есап бойынша 36,71 миллион болса, Калифорния штатының халқы 2017-жылғы есап бойынша 39,54 миллион адамды қураған.

 

Лас-Вегастағы Bellagio мийманханасындағы бөлмелер саны Италиядағы Белладжо қаласы адамларынан көп

Бес жулдызлы казина-мийманхана 1998-жылы қурылған. Ол жерде 3950 бөлме бар. Үлкенлиги бойынша дүньяда 11-орынды ийелейди. Италиядағы усы атамадағы қала халқының саны 3085 ти қурайды.

 

Ислам Матеков.