Институтымыз магистранты Қоңырат районындағы мектепте семинар өтти

Институтымыздың магистратура бөлими анық ҳәм тәбийғый пәнлерди оқытыў методикасы (математика) қәнигелиги магистранты Султанбек Қалбаев Қоңырат районлық ХББға қараслы 48-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Елимизде математика илимине болған итибар» атамасында семинар өтти.

Семинарға мектеп директорының орынбасары Е.Елмуратов, математика пәни муғаллими Г.Бекбергенова, мектеп муғаллимлери ҳәм жоқарғы класс оқыўшылары қатнасты.

Семинар сораў-жуўаплар менен даўам етти.