ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақлары менен кимлер сыйлықланды? Толық дизим

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықлаў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары

 

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының 6-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы

 

Қ А Р А Р     Е Т Е Д И :

 

Елимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық потенциалын арттырыў, реформаларды табыслы әмелге асырыўдағы үлкен хызметлери, соңғы жылларда елимизде барлық салаларда қолға киргизилип атырған үлкен жетискенликлерге қосқан мүнәсип үлеси, мәмлекетимиз раўажланыўы ҳәм халқымыз абаданлығын тәмийинлеў, өндирис ҳәм тараўларды заман талаплары тийкарында модернизациялаў, алдыңғы инновацион технологияларды енгизиў, белсенди инвестициялық орталықты жаратыў, экспорт потенциалын арттырыў жолындағы көп жыллық жемисли ҳәм пидәкерлик мийнети, жәмийетимизде миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты күшейтиў, жас әўладты ўатанды сүйиў ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық рухында саламат ҳәм нәўқыран етип тәрбиялаў жумысларындағы ҳәмде социаллық турмыстағы белсендилиги ушын төмендегилер ҳүрметли атақлар менен сыйлықлансын:

 

«Қарақалпақстан Республикасы халық жазыўшысы»

Султанов Алпысбай –   Өзбекстан Республикасы Жазыўшылар аўқамы ағзасы

 

«Қарақалпақстан Республикасы халық шайыры»

Мусурмонов Рустам Равшанович – Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы халықаралық әдебий байланыслар ҳәм кɵркем аўдарма бɵлими баслығы

 

«Қарақалпақстан Республикасы халық артисти»

Мунтеева Гулнара Узакбаевна – Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби оқытыўшысы

 

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери»

Исмайлов Қанатбай Абдреймович – Қарақалпақ мәмлекетлик университети ярым өткизгишлер физикасы кафедрасы баслығы

 

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем ɵнер ғайраткери»

Алланазаров Давлетмурат Турешович – Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим кафедрасы доценти

 

«Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист»

Жақсыбаева Зийўар Жолдасбаевна -Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими “Әмиў толқыны” ансамбли аяқ ойыншысы

Сейтжанов Расул Темурбекович – Беруний районы мәденият бөлимине қараслы Амфитеатр директоры, қосықшы

 

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери»

Абдуллаев Бахытлыбай Саметович – Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Шымбай районы Кеңеси баслығының биринши орынбасары

Дарменов Жанжайхан Абуович – Қарақалпақстан қазақ миллий мәдений орайы баслығы

Мамбетназаров Муратбай Орынбаевич – Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектеби академиялық ескек-есиў спорт түри бойынша тренер-оқытыўшысы

 

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген спортшы»

Гадаева Нилуфар Каримовна – Еркин гүрес спорт түри бойынша Өзбекстан сайланды команда ағзасы

 

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери»

Адакаев Сатгелди Мухаммедович – Шоманай районлық медицина бирлеспеси баслығының амбулатор ҳәм поликлиника ислери бойынша орынбасары, көп тармақлы орайлық поликлиникасы баслығы

Назиров Примқул Хужамович – Қарақалпақстан Республикасы туберкулёз кеселликлери диспансери бас шыпакери

 

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист»

Курбанбаева Мунаввара Козибаевна – Беруний районы ҳәкимлигиниң “Тамаддун нури” журналы бас редакторы

Мамбетшерипова Назира Абдиганиевна –  Ўзбекстан миллий телерадиокомпаниясы «O‘zbekiston 24» телерадиоканалы» мәмлекетлик унитар кәрханасы «O‘zbekiston 24» телеканалы илим, билимлендириў ҳәм мәденият бɵлиминиӊ баслығы

 

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист»

Айбергенов Рустем Бердибаевич – Ўзбекстан Саўда-санаат палатасы  Қарақалпақстан Республикасы баскармасы  жанындағы тɵрешилик суды баслығы

 

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери»

Худайберганов Муратбой Уразбаевич – Әмиўдәрья районы “Жуманиязов Илхом”  жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы

Ибрагимов Бахытжан Жарылкапович – “Нөкис темир бетон буйымлары заводы” жуўапкершилиги шекленген жәмийети бақлаў кеңеси баслығы

Зиватдинов Умирбек Муратбаевич – «Үстирт излеў бураўлаў басқармасы» жуўапкершилиги шекленген жамийети бас механиги

 

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген транспорт хызметкери»

Бердишов Жумабай Ешмуратович – Қоңырат аймаклық темир жол узели Хожели бәндиргиси вагон қадағалаўшысы

 

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген байланыс хызметкери»

Уббиниязов Рустем Омирбекович – «Ўзбектелеком» акционерлик компаниясы Қарақалпақстан Республикасы филиалы техник қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа техниканы тесттен өткериў хызмети баслығы

 

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген коммуналлық, турмыс ҳәм саўда саласы хызметкери»

Аллабергенов Хамид Қадирович – Елликқала районы электр тәмийнаты кәрханасы электромонтёры

 

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген аўыл хожалығы хызметкери»

Утамбетов Дуйсенбай Уснатдинович – Өзбекстан Республикасы Дәнли ҳәм собықлы егинлерди изертлеў институты Қарақалпақстан илимий станциясы директоры

 

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген ирригатор»

Алиев Турсынбай Оралбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары бойынша механизация базасы бульдозер айдаўшысы

 

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген пахтакеш»

Мадраимов Муса Зарипович – Елликқала районы “Зариф Музаффар” фермер хожалығы баслығы

 

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген шарўа»

Нуржанов Медетбай Абдирасулович – Нөкис қаласы ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бɵлими орайлық ветеринария участкасы баслығы

 

М.Ерниязов,

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы

Нөкис қаласы