Институт ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми Өзбекстан көлеминде ең үлгили деп табылды
Усы жылдың 11-сентябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен шөлкемлестирилген «Ең үлгили ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми» таңлаўының Өзбекстан Республикалық басқышы болып өтти. Әҳмийетли тәрепи, таңлаўдың республикалық басқышына қатнасқан Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң 9 басланғыш шөлкеминиң барлығы ҳәр қыйлы номинациялар бойынша жеңимпазлықты қолға киргизди.
Қуўанышлысы, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми «Ең үлгили жоқары оқыў орны ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми» номинациясы бойынша 1-орынды ийеледи.
Басланғыш шөлкем баслығы Бахыт Арзиеваға жеңимпазлық дипломы ҳәм естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.
Ислам Матеков,
НөкисМПИ баспасөз хаткери.