ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институт жаслары «Азия жасларының конференциясы»нда ең жақсы жойбар дүзип, 1-орынды ийеледи

Өзбекстанды дүньяға танытыў ҳәм жаңа имиджин қәлиплестириўге үлес қосыў мақсетинде Ташкент қаласында усы жылдың 6-7-8-сентябрь күнлери Өзбекстан Халықаралық ҳуқық ассоциациясы, Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси ҳәм Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатиялық университети менен биргеликте «Азия жасларының конференциясы» шөлкемлестирилди.

Конференцияға 6 бағдар бойынша делегатлар, организаторлар ҳәм қоңсылас мәмлекетлерден келген делегатлар менен биргеликте улыўма 796 жас қатнасты.

Конференцияда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының белсенди студентлери де қатнасты. Конференцияның «Экология» бағдары бойынша өз белсендиликлерин көрсеткен институт жаслары өз жойбары менен қатнасып, «Ең жақсы жойбар» номинациясы бойынша 1-орынды ийеледи ҳәм Қырғызстанда болып өтетуғын «Өзбек-қырғыз жаслары» конференциясында қатнасыў имканиятына ийе болды.

 

Ислам Матеков,

НөкисМПИ баспасөз хаткери.