23:00 ден кейин той-мерекелерди даўам еттириўге жол қойылмайды. Тойларға келетуғын мийманлар саны да шекленеди
Бүгин Өзбекстан Республикасы Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты Кеңесиниң қоспа мәжилисинде «Той-мерекелер, шаңарақлық байрамлар, мәресимлер, марҳумларды ядқа алыў менен байланыслы илажларды өткериўди тәртипке салыўды буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарар бир даўыстан мақулланды, деп жазбақта Kun.uz.
Усы қарар тийкарында устав жойбары да тастыйықланып, ол 2020-жылдың 1-январынан баслап күшке кириўи нәзерде тутылған.
Оған муўапық, шаңарақлық илажлар тек ғана бир күн – азанғы саат 06:00 ден кешки саат 23:00 ге шекем өткерилиўи керек. Жерлеў мәресимлери буған кирмейди.
Аймақлардың шараятларынан келип шығып, ас бериў мәресиминиң ўақты Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық кеңеслери тәрепинен белгиленеди.
Саат 23:00 ден соң шаңарақлық илажлардың өткерилиўине жол қойылмайды. Шаңарақлық илажларға 200 адамға шекем, усы илажлардың өткерилиўи мүнәсибети менен өткерилетуғын ас бериў мәресимлеринде 150 ге шекем адам қатнасыўы мүмкин.
Қос той-мерекелерде 250 ге шекем, оның менен байланыслы ас бериў мәресимлеринде 300 адамға шекем қатнасыўы мүмкин.
Ислам Матеков.