Дене мәденияты факультети студенти байрамға бағышланған марафонда 2-орынды ийеледи
1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлиги ҳәм бирқанша бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте пайтахтымыздың бурынғы арқа автовокзал аймағынан орайлық амфитеатрға шекемги аралықта марафон өткерилди.
Марафонда ер балалар арасында институттың дене мәденияты факультети 2-курс студенти Қ.Әбдимуратов сыйлы 2-орынды ийеледи.