ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Сергеклик дәўир талабы» ҳәм «Биз коррупцияға қарсымыз!» атамаларында ушырасыў өткерилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-майдағы ПФ-5729-санлы Пәрманының әҳмийетин түсиндириў, усы Пәрман менен тастыйықланған «2019-2020-жылларда коррупцияға қарсы гүресиў Мәмлекетлик бағдарламасы»ның 1,2,3-бәнтлери тийкарында ислеп шығылған ис-илажлар режесинде белгиленген ўазыйпалар бойынша профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар арасында үгит-нәсият жумысларын алып барыў ҳәм де коррупцияға қарсы гүресиў, оның алдын алыўға қаратылған жуўапкершиликти еледе күшейтиў мақсетинде институт мәжилислер залында «Сергеклик дәўир талабы» ҳәм «Биз коррупцияға қарсымыз!» атамаларында ушырасыў кешеси болып өтти.

            Ушырасыўды Жаслар менен ислесиў бойынша проректор Қ.Қодиров ашты ҳәм алып барды. Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының коррупцияға қарсы гүресиў бөлими баслығы М.Атажанов, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының коррупцияға қарсы гүресиў бөлими хызметкери Ж.Уснатдинов, Бас прокуратура жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының биринши орынбасары А.Ибрагимов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги коррупцияға қарсы гүресиў бөлими оператив хызметкери М.Сержановлар ҳәм де институттың Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы доценти Т.Худайбергенова, Дене мәденияты факультетиниң 2-курс студенти Д.Қурбановалар өз баянатлары менен қатнасты. Ушырасыў соңында видеофильм көрсетилип, қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына қәнигелер тәрепинен жуўаплар алды. Сондай-ақ, өткерилген илаж даўамында жаслардың ҳуқықый саўатлылығын асырыў мақсетинде китаплар көргизбеси, студентлер арасында өткерилген шығармалар ҳәм плакатлар таңлаўы жеңимпазларының дөретиўшилик жумыслары көргизбеси шөлкемлестирилди.