Түркий тиллер факультети талабаларының Мойнақ қаласына саяхаты
2019-жылы 27-октябрьде топар кураторы Г.Патуллаева ҳәм оқытыўшы Г.Мамбетова менен топар студентлери биргеликте Мойнақ қаласына саяхат етти. Ол жер ҳаққында дәслеп топар кураторы Г.Патуллаева Мойнақ атамасының этимологиясы, тарийхы, социаллық турмысы, мәмлекет тәрепинен қаратылып атырған итибар, Президенттиң Мойнаққа сапары ҳәм оның Мойнақты раўажландырыўға байланыслы басламасы, ҳәзирги ўақыттағы жаңа қурылыслар ҳаққында толық мағлыўмат берди
Сапар жобасы менен таныстырды:
Әжинияз Қосыбай улының мавзолейи.
Әбдирахман Тоқпақ ата зыярат орны.
Арал теңизи тарийхы музейи.
Теңиз маягы.
Мәденият орайы.
Өнерментлер аллеясы.
Мойнақ халқының турмысы, социал-экономикалық жасаў жағдайлары, үрп-әдет дәстүрлери, этнографиясы, сондай-ақ оннан шықкан уллы инсанлары – қарақалпақ әдебиятының уллы тулғалары Әжинияз Қосыбай улы, Күнхожа Ибрайым улы, Бердақ Ғарғабай улы, Караматдин Султанов, Әденбай Тәжимуратов, Сағындық Нийетуллаев, жазыўшы Оразбай Әбдирахманов, академик Жуманазар Базарбаев, илимпазлар Айжарық Бекбергенов, Ерназар Дәўенов, Орақбай Доспанов, Турғанбай Бегжанов, Қутлымурат Алланазаров, Мария Бекбергенова, Жеңис Нызаматдинов, биринши қарақалпақ лётчиги Байрон Таженовлардың шықкан журты екенлигин мақтаныш пенен айтып өтти.
Әжинияз Қосыбай улының мавзолейи. Бул мавзолей қарақалпақ әдебиятының байтереги Әжинияз Қосыбай улының қәбиринен топырақ әкелип, оның ҳүрметине мәмлекет тәрепинен қурылған.
Арал теңизи тарийхы музейи.
Бул музей Мойнақ қаласындағы екинши музей болып, ол 2019-жылдың август айында ашылды. Музей менен ӨзР Президенти Ш.Мирзиёев 2019-жылы 23-август айында келгенинде танысты.
Теңиз маягы. Бул естелик Арал тенизиниң жасаған дәўиринде теңиздеги теңиз транспортларының киятырғанын хабарлайтуғын маяктың символикалық көриниси сыпатында қойылған
Корабльлер музейи.
Мәденият орайы
Өнерментлер аллеясы
Сапар жүдә тәсирли болды. Бул арқалы студентлердиң өз Ўатанына деген сүйиўшилиги беккемленди, миллий қәдириятларға деген көзқараслары жетилисти, тарийхый Мойнақ қаласындағы болған түптен өзгерислер ҳәммени илҳамландырды ҳәм тарийхты еледе үйрениўге бағдар алды.
Г.Патуллаева,
Қарақалпақ тили кафедрасы доценти