Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти «Ҳәсиретли ана» естелигине гүлшеңбер қойды
Бүгин, 14-январь күни Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 28 жыл толыўы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамы мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелигине гүлшеңберлер қойылды.
Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлардың ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар естеликке гүлшеңберлер қойды.
Институтта әскерий ўатан сүйиўшилик айлығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамына арналған илажлар даўам етпекте.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.
Автордың түсирген фотосүўретлери.