ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Өзбекстанда коронавирусқа шалынған наўқаслардың нешеўи еркек, нешеўи ҳаял-қызлар екени ҳәм жас категориясы мәлим болды

ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң хабар бериўинше, ҳәзирги ўақытта елимизде коронавирус инфекциясы менен наўқасланғанлардың саны 49 адамға жетти.

Олардың 19 еркек, 30 ы ҳаял-қызлардан ибарат, сондай-ақ, 4 еўи ержетпеген балалар болып есапланады. Жас категориясы бойынша қарайтуғын болсақ, 0-9 жасқа шекемгилер – 4 адам, 10-19 жасқа шекемгилер – 1 адам, 20-40 жасқа шекемгилер – 27 адам, 40-50 жасқа шекемгилер – 7 адам ҳәм 50-59 жасқа шекемгилер – 4 адам, 60-70 жасқа шекемгилер болса 6 адамды қурайды.

Наўқаслардың 11 и орташа жағдайда болып, олардың 5 еўи алдыннан даўам етиўши кеселликлерге шалынған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.