ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти Өзбекстан «Мийрим-шәпәәт ҳәм саламатлық» жәмийетлик қорына бир күнлик мийнет ҳақыларын өткерип бермекте

Республикамызда COVID-19 инфекциясының тарқалыўы менен байланыслы жағдай барлық пуқараларымызды еле де сергекликке, бирлесиўге ҳәм белгиленген тәртип-қағыйдаларға қатаң түрде әмел етиўге, сондай-ақ, сынаўлы демлерде бир-биримизди қоллап-қуўатлап, мийрим-шәпәәтли болыўға шақырмақта.

Усы мүнәсибет пенен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти ағзалары елимиздеги сынаўлы күнлерде қайырлы баслама көтерип, жерлеслеримиздиң басына аўыр сынаў түсип турған бир ўақытта еле де бирлесиўге, усындай жағдайды бир жағадан бас шығара отырып жеңиўге өз үлеслерин қосыў мақсетинде ықтыярлы түрде Өзбекстан «Мийрим-шәпәәт ҳәм саламатлық» жәмийетлик қорын материаллық жақтан қоллап-қуўатлаўға шақырды.

Институт ректоры басшылығында барлық проректорлар, бөлим баслықлары ҳәм 400 ден аслам педагог-хызметкерлер өз басламалары менен ықтыярлы түрде өзлериниң бир күнлик мийнет ҳақыларын Өзбекстан «Мийрим-шәпәәт ҳәм саламатлық» жәмийетлик қорына жәрдем сыпатында өткерип бермекте.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының жәмәәти республикамызда әмелге асырылып атырған барлық реформаларда, сондай-ақ, қайырлы жумысларда белсене қатнасып келген ҳәм буннан кейин де сондай болады. Өйткени, «Күш – бирликте!» деп бийкарға айтылмаған.

 

Әжинияз атындағы НМПИ баспасөз хызмети.