ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Нөкис Мәмлекетлик Педагогикалық институти «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм хуқық тәлими» кафедраси профессори, академик Жуманазар Базарбаев жақынларына кеўил айтыў

 

Философия илимлери докторы, профессор, Өзбекстан Илимлер Академиясының хақыйқый ағзасы Жуманазар Базарбаев 1933-жылы Мойнақ районында туўылды. Өмир жолы ҳәм 65 жыллық мийнети даўамында Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигин беккемлеўге, өзбек ҳам қарақалпақ халықларының дослығын беккемлеўге, халкымызды миллий идея ҳәм жоқары мәнәўият руҳында тәрбиялаўға тийисли фундаментал шығармалар дөретти.

Ж.Базарбаев бүгинги кунде белгили философ, социолог, сиёсаттаныўшы Республика ҳәм шет ел алымлары арасында үлкен абыройға ийе еди. Оның ғәрезсизлик жылларында 10 нан артық сабақлықлары, 20 монографиясы, 14 ке жақын оқыў-методикалық шығармалары басып шығарылған.

Алымның қәлемине тийисли 200 ден артық макалалар Республика
газета-журналларында өзбек ҳам қарақалпақ халқының миллий кәдриятлары, раўажланыў сәўлеленген. Оның қәлемине тийисли “Әдептаныў” (1992ж, 1994ж), «Одобнома» (1994ж) «Инабат» (1995ж), «Өмир-бул сананың көтериңкилиги» (1996ж),  «Миллий идея-бизиң идея» (2003ж), «Әййемги Окс дәрьясының төмениндеги зардуштийлик излери» (2007ж), «Руўхыятымыз маржанлары» (2008ж), «Даналығы гөззаллыққа уласқан шайыр» (2008ж), «Руўхыйлық тийкарлары» (2009ж), «Қарақалпақ халқының этнопедагогикасы» (2010ж), «Әдеп философиясы» (2010ж), «Ўзбекча-қорақалпоқча луғат» (2011ж), «Миллий идея-жол көрсетиўши жулдыз» (2012ж), «Муҳаббат бўстони» (2013ж), “Адабиёт ибрат мактаби” (2015ж), “Ўзликни анлаш — маънавият ўзаги” (2016ж), «Жабрланган халқ тарихида янги саҳифа очилди» (Нөкус «Билим» 2019) атамасындағы китаплар, “Руўхыят тийкарлары” (2016ж.), «Әдепнама» (2019), «Этномәденият» (2019) сабақлық ҳәм оқыў қолланбалары илим-пәнниң үлкен жетискенликлеринен есапланады.

 “Жылдың ең жақсы сабақлығы ҳәм оқыў әдебияты авторы-2012” Республика таңлаўында Әдеп философиясы» сабақлығы хәм «Қорақалпоқ этнопедагогикаси» китабы сыйлы орынларды ийеледи.

Академик Ж.Базарбаев басшылығында ғәрезсизлик жылларында 10 кандидатлық, 32 магистрлик, 5 докторлық диссертация жумыслары илимий басшы болды. Оның 1000 нан артық шәкиртлери Республиканың түрли тараўларында жемисли мийнет етпекте. е раҳбарлигида мустақиллик йилларида 10 та тадқиқотчи номзодлик диссертациясини ҳимоя қилган бўлса, 32 магистрлик ва

Ж.Базарбаев Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Қарақалпақ мәмлекетлик университети Илимий Кенес ағзасы, 2017-жылдан Өзбекстан Миллий Университети ҳәм Самарқанд Мәмлекетлик Университети философия пәни бойынша докторлық диссертациясын қорғаў бойынша Кенес ағазасы сыпатында жемисли мийнет етти.  Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы педагогика илимлери бойынша докторлық диссертациясын қорғаў кенесиниң баслығы болды. 

Оның, «Руўхый дүньямызды жаңа басқышқа көтериў дәўири келди», «Уллы халықтың уллы байрамы пидайылықтың жемиси», «Илимге ҳүрмет келешек раўажының гиреўи», «Ислам Каримов елимизди езиўшиликтен, аймағымызды апаттан қутқарған уллы басшы еди» (И.А.Каримовтың 80 жыллығына), «Ис билермен ким? Ел қалай байыйды?», «Бердақ миллий мәдениятымыздың гүлтажы», «Сулайман Бақырғаний мийраслары улыўма инсаный қәдрият», «Шынлығы турғанда сағымлар неге дәркар», «Япырмай бала әдебиятта шаршайма екен», «Алымның нәсияты тийкарлы болсын», «Фалектиң ойынын баслаған муҳаббат қосығы», «Бердақ  бабамыздың  мийрасына  ҳақ кеўилде болайық», «Әжинияз  бабамыздың мийрасларын түсиниўдеги былғасықларды  дүзетиўдиң  ўақты келди»  атамасындағы мақалалары кең жәмийетшиликте үлкен қызығыўшылық оятты.  

Устаз алым Бердақ атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, бир неше мәрте ҳукиметимиздиң «Хурмет жарлығы» менен сыйлықланды,  2017-жыл жуўмағы бойынша Ардақлаў сыйлығының ийеси, биринши дәрежели «Мийнет пидайысы» көкирек нышаны ийеси.

Өрнекли шаңарақ басшысы, перзентлерин, шәкиртлерин ўатанға садық инсанлар етип тәрбиялаған әдиўли устаз, педагог Жуманазар Базарбаевтың мудамы бизиң ядымызда қалады.

Оның шаңарақ ағзаларына, жақынларына, жузлеген шәкиртлерине терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

Институт жәмәәти