4 процентлик қосымша қабыллаў тийкарында студент болған Гүлмираға институт ректорының қутлықлаўы ҳәм саўғалары тапсырылды
Қарақалпақстан Республикасының Хожели районында жасайтуғын Гүлмира Сайназарованың тийкарғы мақсетлериниң бири студент болыў еди. Кишкенелигинен мектепте барлық сабақлардан, әсиресе, математика ҳәм информатика сабақларынан айрықша баҳаларға оқып келген және устазлары сыяқлы педагог болыў нийетиндеги қаҳарманымыз 2020-2021-оқыў жылы ушын Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына ҳүжжет тапсырды.
– Президентимиздиң Пәрманлары тийкарында ҳаял-қызлардың жоқары оқыў орынларында билим алыўы ушын кең имканиятлар есиги ашылды. Мен де 4 процентлик қосымша қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде институттың математика ҳәм информатика бакалавр тәлим бағдарына грант тийкарында студент болдым. Бүгин институт ректоры атынан қутлықлаў ҳәм көркем әдебиятлардан ибарат саўғаны үйимизге алып келип берди. Оғада қуўанышлыман. Мәмлекетимиздиң итибары нәтийжесинде әрманларымның ең үлкени әмелге асты, – дейди Гүлмира қуўанышын жасыра алмай.
Мәмлекетлик комиссияның 1-санлы протоколы тийкарында 2020-2021-оқыў жылы ушын ҳаял-қызларға ажыратылған 4 процентлик қосымша мәмлекетлик грант тийкарында қабыллаў көрсеткишлерине муўапық, Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынлары ушын 51 орын ажыратылған болып, соннан быйылғы оқыў жылында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына 10 ҳаял-қыз усы имканият нәтийжесинде мәмлекетлик грант тийкарында студентлик бахтына еристи.
НМПИ баспасөз хызмети.