ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында дәстүрий оқыўды баслаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 12-ноябрьдеги №87-03-4640-санлы хатына муўапық, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тәрепинен ислеп шығылған жоба-график тийкарында 2020-жылдың 16-ноябрь күнинен баслап оқыў процесин дәстүрий тәризде даўам еттириў белгиленди.

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ҳәзирги ўақытта 1-курс студентлери дәстүрий тәризде оқымақта.

 

4-курс студентлери болса ҳәзирги ўақытта педагогикалық әмелиятларын даўам еттирмекте.

 

2-3-курс студентлери ушын дәстүрий оқыў 2020-жыл 16-ноябрьден басланады.

 

Буның ушын ҳәр бир студент ҳәм олардың ата-аналарынан оқыўын онлайн ямаса дәстүрий (оффлайн) даўам еттириў бойынша сораўнамалар алынды.

 

Студентлер өзлериниң қәлеўине қарай (сораўнамаға муўапық, онлайн ямаса дәстүрий (оффлайн) оқыўын даўам еттиреди.

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты баспасөз хызмети