ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институт студент қызлары менен институттың ишки тәртип-интизамы, кийиниў мәденияты бойынша сәўбетлесиў өткерилди

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 22-декабрьдеги 87-06-1148-санлы хаты тийкарында институтымыздың барлық факультетлеринде студент қызлар ҳәм профессор-оқытыўшылар менен ишки тәртип-интизам, кийиниў мәденияты бойынша сәўбетлесиў өткериў режелестирилген еди.

Усы тийкарда 2021-жыл 16-февраль ҳәм 17-февраль күнлери Тарийх факультети және Сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими факультетлеринде институт Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәт Кеңеси баслығы доц. Ф.Отенова, факультет ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳат Кеңеси баслықлары доц. З.Сейтова, үлкен оқытыўшы А.Бердимбетовалар қатнасыўында студент қызлар менен сәўбетлесиў өткерилди.

Сәўбет даўамында жоқары оқыў орны студент қызлары, ишки тәртип-интизам, әдеп-икрамлылық тәртибине әмел етиў мәселелери, студент қызлар арасында «Кемпир апам кийген кийимлер», «Миллий үрп-әдетлеримизге сай кийимлер» ҳәм оқыў орынларында кийиниў мәденияты сыяқлы мәселелерге тоқтап өтилди. Сондай-ақ, бүгинги күнде барлық ҳаял-қызларға берилип атырған имканиятлар, әсиресе, студент қызларға ҳүрметли Президентимиз тәрепинен көрсетилип атырған ғамқорлықлар ҳәм институт басшылары тәрепинен жаратылып берилип атырған шараятлар ҳаққында айтып өтилди.

 

Сәўбетлесиў соңында сораў-жуўаплар, пикир алмасыўлар болды.