ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Миллий гүрес бойынша «Министр кубогы» жарысының Қарақалпақстан басқышы болып өтти

Бүгин, 10-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты спорт сарайында миллий гүрес бойынша «Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри кубогы» жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

 

Жарысқа Қарақалпақстан Республикасындағы барлық жоқары оқыў орынларынан ер жигитлер 7 салмақта, ҳаял-қызлар 8 салмақ категориясында қатнасты ҳәм өз ара беллести.

Күтилгениндей жеңимпазлық ҳәм сыйлы орынлар ушын беллесиўлер тийкарынан Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети сайланды командалары арасында болып өтти.

 

Жарыс жуўмағында улыўма командалық есапта 9 алтын, 7 гүмис ҳәм 5 бронза медалын жеңип алған Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы сайланды командасы 1-орынды ийеледи ҳәм кубок ийеси болды.

2-орынды улыўмалық есапта 3 алтын, 3 гүмис ҳәм 11 бронза медалын жеңип алған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты сайланды командасы ийелеген болса, улыўмалық есапта 3 алтын, 3 гүмис ҳәм 4 бронза медалын қолға киргизген Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети сайланды командасы сыйлы 3-орынды бәнтледи.

Сыйлықлаў салтанатына Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басқарма баслығы О.Бозоров, Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан миллий гүрес ассоциациясы Қарақалпақстан бөлими және жоқары оқыў орынлары басшылары, нураный палўанлар, тренерлер қатнасты.

 

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине диплом, медаль ҳәм саўғалар тапсырылды. Жеңимпаз палўанлар республикамыз сайланды командасы қурамында келеси беллесиўлерде қатнасыўға жоллама алды.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.

Автордың түсирген фотолары.