ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Экологиялық акцияда белсендилик көрсеткен жаслар хошаметленди

Алдын хабар бергенимиздей, бүгин, 8-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Студентлер кеңеси ҳәм Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми басламасы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 28 жыл толыўы, жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы – Наўрыз улыўма халықлық байрамы, сондай-ақ, мусылманлардың уллы Рамазан айы мүнәсибети менен институттың барлық факультетлеринде экологиялық акция өткерилди.

Акцияға барлық факультетлерден улыўма 300 ден аслам студентлер өз басламалары менен белсене қатнасты. Илаж даўамында институттың оқыў имаратлары әтирапларындағы 2,4 гектарлық майдан абаданластырылып, атызлар, жап-салмалар шығындылардан тазаланды. Институт ректораты тәрепинен алып келинген 120 дана можжевельник, 100 дана шығыс туясы ҳәм 50 дана ерик нәллери отырғызылды.

Мыңға шамалас тереклерге форма берилип, түплери ҳәкленди.

Жаслардың бундай ийгиликли хызметлери мүнәсип баҳаланып, оларға институт ректораты тәрепинен түслик аўқат ҳәм концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.

Акция жуўмағына бағышланған илажда институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров сөзге шығып, бүгинги акцияға қатнасқан барлық жасларға миннетдаршылық билдирди. Белсене қатнасқан барлық факультетлерге миннетдаршылық хатлары тапсырылды.

Илаж институттың музыкалық тәлим бағдары студентлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

НМПИ баспасөз хызмети.