ХАБАРЛАНДЫРЫЎ ХАТЫ
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРЛИГИ ӘЖИНИЯЗ АТЫНДАҒЫ НӨКИС МӘМЛЕКЕТЛИК ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ИНСТИТУТЫ
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 2-март күнги «Өзбекстан Республикасында 2021-жылы халықаралық ҳәм республикалық көлеминде өткерилетуғын илимий ҳәм илимий-техникалық конференция жобасы ҳаққында»ғы 78-Ф-санлы бийлиги тийкарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Тарийх факультети география оқытыў методикасы кафедрасы тәрепинен 2021-жыл 10-11 май күнлери «География – келешекке нәзер» атамасында Республикалық илимий-теориялық конференция өткериледи.
Конференцияда төмендеги бағдарлар бойынша секциялар жумыс алып барады:
1-секция. География илими ҳәм оның актуал мәселелери.
2-секция. Тәбийий ҳәм гуманитар пәнлерди оқытыўда инновацион технологиялар.
3-секция. Геоэкологиялық машқалалар ҳәм оны шешиўдиң социал-экономикалық тийкарлары.
Конференцияның исши тиллери: өзбек, қарақалпақ, рус, инглис
Конференцияда қатнасыў формалары:
сырттан қатнасыў, стендли доклад ҳәм аўызша доклад
Қатнасыў шәртлери:
Конференцияда илим-изертлеў, билимлендириў мәкемелери басшылары ҳәм хызметкерлери, докторантлар, стажёр-изертлеўшилер, еркин излениўшилер, магистрантлар ҳәм студент жаслар қатнасыўы мүмкин.
Конференцияның шөлкемлестириў комитети тәрепинен конференцияға жиберилген материалларды баспадан шығарыў нәзерде тутылған. Конференцияның баспадан шығарылған топламы аўызша доклады менен қатнасқан қатнасыўшыларға бериледи. Конференцияда сырттан ямаса стендли доклад пенен қатнасқан қатнасыўшыларға материаллар топламының *.pdf варианты ҳәм электрон сертификат жеткерип бериледи.
Конференцияға жиберилетуғын материалларды рәсмийлестириў талаплары:
Материаллар көлеми 3-5 бет көлеминде болыўы керек.
Текст А4 форматтағы ақ қағазға, барлық тәреплери 2,5 см шегаралар қалдырып, жайластырылады ҳәмде электрон формада тапсырылады. Доклад материаллары номерленбейди ҳәм Microsoft Word редакторында Тimes New Roman шрифтте 14 өлшемде (интервал 1) *rtf, *doc форматта рәсмийлестириледи. Файл аты латын жазыўында биринши автор фамилиясы менен қойылыўы шәрт (Allanov.rtf,doc).
Тестте әдебиятларға силтемелер (ссылки) тик қаўсырмада силтеме алынған дерек тәртип саны ҳәм илимий мийнеттиң бети көрсетилген [1, 93] түринде бериледи.
Материал соңында бир қатар бос орын қалдырылып “Пайдаланылған әдебиятлар” дизими тәртип саны менен алфавит тәртибинде киритиледи.
Баян етилген мағлыўматлардың илимий-теориялық тийкарланғанлығы, факт ҳәм мағлыўматлардың анықлығына автор(лар) жуўапкер есапланады.
Тезис атамасы бас (үлкен) ҳәриплер менен, кейинги қатарға өткерилместен, ортада жазылады. Кейин киши ҳәриплер менен автор(лар)дың фамилиясы, аты, әкесиниң аты көрсетиледи. Доклад авторының аты, әкесиниң аты ҳәм фамилиясының астына сызылады. Фамилиялар астында жумыс орны, лаўазымы, қала, мәмлекет келтириледи. Оннан кейин 1,25 абзацға итибар берип текст жайластырылады. Текстте диаграмма, гистограмма, фото сүўретлер, кестелер берилиўи мүмкин. Диаграмма, гистограмма, фото сүўретлердиң барлығы текстте сүўрет формасында избе-изликти инабатқа алған түринде келтириледи. Сүўретлер тексти объекттиң астына орайластырып, кестелер тексти болса, объекттиң жоқары тәрепинен рәсмийлестирилип бериледи.
Материалларды шөлкемлестириў комитетине жибериў мүддети ҳәм томламға киритиў төлемлери:
Топламға киритилетуғын материаллардың бир бети ушын 15.000 (он бес мың) сўм төленеди.
Конференция материалларының өз ўақтында баспадан шығарылыўын тәмийинлеў мақсетинде Сизден материалларды 2021-жылдың 5-май күнинен кешиктирместен жибериўиңизди сораймыз.
Талапларға жуўап бермейтуғын ҳәм белгиленген мүддеттен кешигип жиберилген (түскен) материаллар топламға киритилмейди.
Конференция материаллары baltabaev.omirbay@ndpi.uz электрон почта ҳәм +99897 348-18-45 Омирбай Балтабаев Telegram, WhatsApp мәнзиллеринде қабыл етиледи.
Мәнзил: 230105, Қарақалпақстан Республикасы, Нөкис қаласы, П.Сейтов көшеси, номерсиз жай. Тел.: +(99861) 229-40-75, Факс: +(99861) 229-40-75, НМПИ. E.mail: nkspi_info@edu.uz
Тезис ушын төлем есап бети:
Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги ғазнашылығы
р/с: 2340 2000 3001 0000 1010
Банк: МБ ББ ХККМ Тошкент шаҳри
МФО: 00014; ИНН: 201 122 919
л/с: 400 110 860 354 017 094 100 079 001
ИНН: 200357981
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты
Квитанцияда автордың аты, фамилиясы толық көрсетиледи ҳәм «Конференция материалы ушын» деп жазылыўы керек.
ҮЛГИ
ИЛИМИЙ ТЕЗИС АТАМАСЫ …. ИЛИМИЙ ТЕЗИС АТАМАСЫ
Автор(лар)дын фамилиясы, аты, әкесиниң аты
Шөлкем (мәкеме) аты, лаўазымы, қала ҳәм мәмлекет атамасы
Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. [1, 93].
Пайдаланылған әдебиятлар
1. Текст. Текст. Текст.
2. Текст. Текст. Текст.
КОНФЕРЕНЦИЯ ҚАТНАСЫЎШЫСЫНЫҢ АНКЕТАСЫ
Ф.И.Ш.: |
|
Секция: |
|
Тезис атамасы: |
|
Жумыс орны ҳәм мәнзили: |
|
Лаўазымы: |
|
Илимий дәреже ҳәм атағы: |
|
Телефон нөмери: |
|
e-mail: |
|